Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:25:12, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИС ҚАЛАСЫ БЕЛСЕНДИЛЕРИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў бағдарында алып барылып атыр­ған жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти.

 Нөкис қаласының белсендилери, сондай-ақ, барлық минис­трлик, басқарма, шөлкем ҳәм қалалық мәкеме басшыларының қатнасыўында өткерилген илажда  қала халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы айырым тараў басшылары тәрепинен жол қо­йылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.

Атап өтилгениндей, Нөкис қаласы халқының машқалаларын шешиў, қала инфраструктурасын жақсылаў бағдарында «Абат мәҳәлле» бағдарламасы, сондай-ақ, «Аўыр аймақ»лар дизимине киргизилген мәкан пуқаралар жыйынларында кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Шараяты аўыр аймақлар болса «Шымбай гүзары», «Жаңабазар» сыяқлы үлгили мәкан пуқаралар жыйынларына айландырылды.

Усындай дөретиўшилик жумыслары менен бир қатарда айы­рым тараўларда қәте-кемшиликлерге де жол қойылып атырғанлығы сынға алынды. Атап айтқанда, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылыўы, қосып жазыўлар жолы менен бюджет қаржыларын талан-тараж етиў жағдайларының ушырасып атырғанлығы атап өтилди.

Мәселен, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқыў имаратын қурыў, Қаратаў посҢлкасында көп қабатлы турақ-жайлардың қурылысы, 23-киши райондағы айырым көп қабатлы турақ жайлардың төбесин бастырыў жумысларында есабатларға қосып жазыўларға жол қойылған.

Буннан тысқары, Нөкис орайлық дийқан базарындағы айырым унамсыз финанслық жағдайлар, бир неше ҳәким жәрдемшилери өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы себепли ажыратылған кредит қаржылары мақсетсиз жумсалып жиберилгенлиги, банклердеги финанслық кемшиликлер, кредит қаржыларын өз мәпине жумсап жибериў жағдайлары, секторлар жумысларының қанаатландырарсыз екенлиги сынға алынды.

Инвестициялық, «Абат аўыл» бағдарламалары ҳәм Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында берилген тапсырмалар тийкарында ислениўи керек қурылыс-оңлаў жумыслары да толық ақырына жеткерилмеген.

Соның менен бирге, Жоқар­ғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы бир қатар қурылыс объектлеринде белгиленген режеден артта қалып, ақыбетинде социаллық объектлер, улыўма орта билим бериў мектеплери,  балалар бақшалары имаратлары, хызмет көрсетиў орынлары ҳәм бас­қа да иске түсиўи керек болған жойбарлар бойынша жумыслар басланбай қалғанлығын сынға алып, жуўапкерлерге толық қадағалаўға алыў, зәрүр болса нызамлы шаралар көриў бойынша анық тапсырмалар берди.

Усылар қатарында социаллық тараўлардағы кемшиликлер атап өтилди. Соннан, улыўма орта билим бериў мектеплеринде бюджет қаржыларын артықша жумсаў жағдайлары, бийпул азық-аўқатлық өнимлер жеткерип берилиўиндеги жол қойыл­ған қәте-кемшиликлер де сынға алынды.

Өткерилген мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги айырым унамсыз жағдайлар да атап өтилди. Жумысшы топар тәрепинен үйренилгенде  49-санлы, 29-санлы, 13-санлы балалар бақшаларындағы жағдайлар санитария-гигиеналық талапларға жуўап бермеслиги, азық-аўқатлық өнимлердиң кемислиги ҳәм бас­қа бир қатар кемшиликлер анықланған.

Мәжилис даўамында денсаўлықты сақлаў тараўына итибар қаратылып, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси, шаңарақлық поликлиникалар, Перинатал орайындағы айырым машқалалар себепли пуқараларымыздың наразылығы көбейтип баратырғанлығы, ҳаял-қызлар мәселелери менен шуғылланыўдың да талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.

Жоқарыда атап өтилген қәтеликлерге жол қойып, өзиниң хызмет ўазыйпасына ҳәм билдирилген исенимге немқурайдылық пенен қараған Нөкис қаласы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары,  жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары интизамый жазаға тартылды.

Жақында өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда жол қойған кеширип болмас қәтелери ушын Нөкис қаласы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары менен Нөкис қаласы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылған еди. Бул жағдай мәжилисте айрықша атап өтилди.

Елимизде «Инсан қәдири» принципи тийкарында алып барылып атырған реформалар шеңберинде билимлендириў саласына оғада үлкен итибар қаратылмақта.  Солай екен, барлық итибар перзентлеримиздиң тәрбиясына, билим алыўына қаратылып атырған бүгинги күнде мектеп ҳәм бақшалардың қурылысындағы кемшиликлерге көз жумып болмайды. Сонлықтан қурылыс жумысларын, әсиресе, мектеп ҳәм балалар бақшаларын мүддетинде жуўмақламаған қурылысшылардың ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа бериў, олардың жумысларын қайта көрип шығыў бойынша тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде экологиямызды жақсылаўдағы ийгиликли жумысларға үлес қоспаған, өзлери басшылық етип атырған мәкеме әтирапын таза сақламай таслап қойған мәкеме басшыларына да интизамый жаза шарасын қолланыў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.

Мәҳәллелерде халқымыздың пикир усынысларын үйрениў, оларға өз жумысын баслаўға жәрдем бериў ушын тайынланып исеним билдирилген 37 ҳәким жәрдемшиси ҳәм Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агент­лиги басқарма баслығының лаўазымына ылайықлығы көрип шығылатуғын болды.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары менен тек ғана Нөкис қаласы бойынша 64 пуқаралар жыйынында 46 жойбарда жәми 56,6 миллиард сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылыўы белгиленгенлиги атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында Жоқар­ғы Кеңес Баслығы быйылғы жылдың жуўмағына шекем Нөкис қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге жәми 27 миллиард 765,7 миллион сум муғдарында қосымша қаржы ажыратылатуғынлығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF