ӨНЕРМЕНТШИЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ҚЫРҒЫЗСТАН ТӘЖИРИЙБЕСИ ЕН ЖАЙДЫРЫЛАДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайындағы қой жүнин қайта ислеў ҳәм оннан таяр өним ислеп шығарыў бойынша жолға қойылған жумыслар менен танысты.
Бүгинги күнде АҚШ халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Нөкис, Шоманай, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында жүнди қайта ислеўдиң заманагөй технологиялары бойынша ҳаял-қызлар ушын бизнести раўажландырыў бойынша оқыў бағдарламасы иске түсирилген болып, онда Қырғызстан Республикасынан келген өнерментлер менен тәжирийбе алмасыў жолға қойылмақта.
Оқыў бағдарламасының тийкарғы мақсети — жергиликли өнермент ҳаял-қызларға қой жүнин қайта ислеўдиң технологияларын көрсетиў арқалы оларға миллий өнерментшилик бағдарын раўажландырыў ҳәм оннан коммерциялық бағдарда пайдаланыўды үйретиў болып табылады. Буның ушын Қырғызстанның кийиз өнимлерин ислеп шығарыўшы «Tumar» компаниясынан келген қәнигелер тәрепинен тренинглер өткерилип келинбекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы миллий қол өнеримиздиң әжайып үлгилеринен бири болған кийиз өнимлерин ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги, бул бағдарда қырғызстанлы өнерментлер менен өз-ара тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, еки халық арасындағы миллий-мәдений жақынлықтан келип шығып, бирге ислесиўди жолға қойыў, миллий қара үй қурыў бойынша да тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, бул бағдардағы басламалар қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди.
Илаж қатнасыўшылары қырғызстанлы қәнигелер менен биргеликте таярланған өнимлер көргизбеси менен жақыннан танысты.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.