Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:38:12, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙРАҚ — ЖАҚСЫЛЫҚ, САДЫҚЛЫҚ, ТЫНЫШЛЫҚ ҲӘМ ЖАҢАЛАНЫЎ НЫШАНЫ

Усы жыл 14-декабрь күни Нөкис қаласындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылған майданда «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, 1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жәмлегени менен әҳми­йетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қәстерлеп сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў — ҳәр биримиз ушын ана-Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.

Соңғы жыллары халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда Президентимиздиң идеялары, баслаған ийгиликли ислери, белгилеп берген әҳмийетли ўазыйпалары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан ушын да шын мәнисинде раўажланыўлар, жаңаланыўлар дәўири сыпатында үлкен итибар қаратылып атырғанлығы буның айқын мысалы бола алады.

Илажда сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының кафедра баслығы, тарийх илимлериниң докторы Я.Абдуллаева, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов мәмлекетлик нышанлар, соның ишинде, байрақтың жәмийетлик турмысымыздағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Байрам илажы көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF