ТАТЫЎ ШАҢАРАҚ — САЛАМАТ ЖӘМИЙЕТТИҢ ТИЙКАРЫ
Жас әўладты ҳәр тәреплеме наўқыран әўлад етип тәрбиялаў барлық дәўирлерде де, ең әҳмийетли мәселелерден бири саналған. Негизинде, шаңарақ-турмыстың барлық тәреплеринде келешек әўладтың турақлы кеңес бериўши мәсләҳәтшиси, жол көрсетиўшиси деп атасақ, алжаспаймыз.
Нөкис қаласында усы жылдың 7-декабрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Өзбекстандағы Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша Көп шериклик Траст қорының, оны раўажландырыў бойынша донорлары ҳәм шериклериниң қаржылай қоллап-қуўатлаўында «Жас өспиримлердиң денсаўлығы, аўқатланыўы, суў менен тәмийинлениўи, санитариясы, гигиенасы ҳәм руўхый жағдайын жақсылаў ҳәм COVID-19 пандемиясы ҳәм оннан кейинги дәўирде жаслардың потенциалын беккемлеў арқалы Қарақалпақстанның турақлы келешегине инвестиция киргизиў» қоспа жойбары шеңберинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасының Орайлық Азиядағы аймақлық ўәкилханасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте «Дөңгелек стол» илажы өткерилди.
Бул илаждың тийкарғы мақсети — «Татыў шаңарақ» бағдарламасын өткериў нәтийжелерин усыныў, сондай-ақ, жергиликли шериклер менен бағдарламаны әмелге асырыў көлемин кеңейттириў ҳәм оның турақлылығын тәмийинлеўдиң мүмкиншилиги болған механизмлерин додалап алыўдан ибарат.
Ең әҳмийетлиси, «Татыў шаңарақ» бағдарламасы ата-аналар ҳәм олардың 8-15 жас аралығындағы балаларына арналған болып, ол нәшебентликтиң, балалар ҳәм жасларға болған зорлықтың, жынаятшылықтың алдын алыўға, сондай-ақ, бала тәрбиясында ата-аналарда унамлы көнликпелерди раўажландырыўға ҳәм беккем шаңарақ қурыўға бағдарланған. Бул бағдарлама шеберлик пенен оқытыў ҳәм билим бериў арқалы шаңарақлардағы ушырасатуғын машқалаларды азайтыўға, келешекте ушырасыўы мүмкин болған машқалалардың алдын алыўға арналған болып, шаңарақлардағы ең жақсы қәсийетлерди көрсетиўге жәрдемлесиўши пикирлер ҳәм қуралларды өз ишине алады.
Қоспа жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў министрлигиниң 90 нан аслам жергиликли таярланған қәнигелери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Бозатаў ҳәм Қоңырат районларындағы 61 улыўма билим бериў мектеплеринде 1660 шаңарақ ушын «Татыў шаңарақ» бағдарламасының семинар-тренинг шынығыўлары табыслы түрде өткерилди. Бағдарламаны әмелге асырыў нәтийжелилигин баҳалаў нәтийжелери ата-аналар ҳәм балалар арасындағы мүнәсибетлерде, сезим ҳәм минез-қулық машқалаларын унамлы шешиўде, сондай-ақ, теңлеслери менен қарым-қатнаста сезилерли дәрежеде жақсыланыўын көрсетти. Ата-аналар арасында өткерилген сораўлардан, олардың перзентлериниң тәртиби, бақлаўы ҳәм қоллап-қуўатлаўы артқанлығы мәлим болды. Ал, жас өспиримлер арасында өткерилген сораўларда олардың психологиялық жақтан турақласқанлығының өскенлигин көрсетти, бул қәўипли ҳәрекетлердиң алдын алыўда жәрдем береди. Мине, бул факторлар балалар арасындағы нәшебентликтиң ҳәм басқа да зыянлы ҳәрекетлердиң алдын алыўда әҳмийетли орын тутады.
Тренинг барысында, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Е.НУРТАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў ҳәм психологиялық хызмет секторы баслығы.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.