Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:37:43, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ҚАТНАСЫҚЛАРДЫ ТӘРТИПКЕ САЛЫЎШЫ НЫЗАМ

2022-2026-жылларды қамтыған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў страте­гиясындағы инсан қәдирин улығлаў, халықшыл мәмлекетти қәлиплестириўге байланыслы уллы мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлар хызметиниң нәтийжелилигин еле де жетилистириўди талап етпекте.

Елимизде бул бағдарда алып барылып атырған системалы реформалардың гезектеги әмелий нәтийжеси ретинде Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Бул нызамның қабыл етилиўи «Халық мәмлекетлик уйымларына емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» принципин толық турмысқа енгизиў ушын беккем ҳуқықый фундамент ўазыйпасын атқарады.

Себеби, нызам мәмлекетлик пуқаралық хызметкердиң ҳуқықый статусы, лаўазымлар категориясы ҳәм билим көнликпелерин, мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў, өтеў ҳәм тамамлаў процесслериниң бирден-бир тәртибин, кадрлардың кәсиплик-мәнаўий пазыйлетлери ҳәм айрықша хызметлериниң объектив ҳәм әдалатлы баҳалаў тийкарында хызмет басқышлары бойынша өсиў кепилликлерин, улыўма алғанда, бирден-бир мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмин тәртипке салыўды нәзерде тутады. 

Мәлим болғанындай, усы жылдың 4-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында мәмлекетлик хызметин реформалаў ҳәм басқарыўда нәтийжелиликти арттырыў илажларына бағышланған видеоселектор жыйналысы өткерилген еди. Бул жыйналыста усы нызамның социаллық әҳмийети, онда мәмлекетимиз раўажланыўын жеделлестириў ушын өзине тән «драйвер» — ҳәрекетлендириўши күш жәм­ленгенлигин айрықша атап өткен еди.

Президентимиз усы жылы 8-август күни «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамға қол қойды. Нызам Президентимиз тәрепинен болып өткен жыйналыстан кейин қабыл етилип, онда мәмлекетлик хызмет тараўындағы машқалаларды шешиў 30 жылға кешиккенлигин айрықша атап өтти. «Мәмлекетлик хызмет еле ҳақыйқатында да халқымызды қанаатланарлы дәрежедеги системаға айлан­ған жоқ»,-деди Журтбасшымыз. Соның менен бирге, Президентимиз жаңа нызам еки жыл даўамында жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин қамтыған ҳалда терең додалаўлар тийкарында жетилистирилгенлигин келтирип өтти. Нызам 10 бап ҳәм 64 статьядан ибарат. 

Нызамға муўапық, мәмлекетлик хызмет дегенде Өзбекстан Республикасы пуқараларының мәмлекетлик уйымларының мәмлекетлик хызмети лаўазымлардағы ўәкилликлерин әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик ҳақы төленетуғын хызмети түсинилетуғын мәмлекетлик хызмет түри түсиниледи.

Нызам Мәмлекетлик хызметкерлер лаўазымларының мәмлекетлик реестрине киргизилген лаўазымлардағы мәмлекетлик хызметкерлерине қарата қолланылады. Улыўмаластырып айтқанда, усы нызамның тийкарғы жаңа нормаларына бириншиден, барлық дәрежедеги мәмлекетлик хызметкерлер ушын бирдей ҳуқықлар, ўазыйпалар ҳәм шеклеўлер енгизиледи. Бир мәмлекетлик органында жақын ямаса аға­йин болған шахслар менен бирге хызмет етиў, исбилерменлик хызмети менен шуғылланыў, Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда есап бетин ашыў ҳәм жүргизиў бо­йынша шеклеўлер белгиленеди. Екиншиден, бул бағдарда коррупцияның алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарлары жетилистирилмекте.  Атап айтқанда, суд тәрепинен коррупция менен байланыслы жынаятларды ислегенликте айыпкер деп табылған шахслар мәмлекет хызметине қабыл етилиўи мүмкин емес.  Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметкердиң дәраматлары ҳәм мал-мүлкин декларациялаў системасы енгизиледи. Үшиншиден, мәмлекетлик хызметке кириў ҳәм өтиў ушын тийкарлар белгиленеди. Яғный, мәмлекетлик хызметтиң бос орынлары ишки ҳәм сыртқы таңлаў тийкарында әмелге асырылады. Мәмлекетлик хызметкерлердиң хызметин баҳалаўдың өлшенетуғын көрсеткишлер системасы енгизиледи. Миллий кадрлар резерви қәлип­лестириледи. Мәмлекетлик хызметкерлерге мәмлекет лаўазымларының топарлары ҳәм категориялары бойынша мамлекетлик хызмети лаўазымларының билим дәрежелери бериледи. Төртиншиден, мәмлекет хызметине қабыл етиў мүмкин болмаған жағдайлар нызам ҳүжжетлеринде анық белгилеп көрсетилген. Соның ишинде, суд тәрепинен коррупцияға байланыслы ҳуқық­бузарлықларды ислегенликте айыплы деп табылған шахслар, аўыр ҳәм орташа аўыр жынаятлар ушын судланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған шахслар мәмлекет хызметине тартылыўына жол қо­йылмайды.

Бесиншиден, хызметкерлерди ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў тәртиби де нызам менен өзгермекте. Атап айтсақ, Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 181-статьясына муўапық, орташа айлық ис ҳақының 50 процентинен көп болмаған муғдарда жәрийма салыныўы мүмкин. Бирақ, нызамның 46-статьясына муўапық, жәрийма муғдары орташа айлық ис ҳақының 30 процентинен аспаўы керек. Алтыншыдан, нызам менен хызметкерлердиң дем алыс мүддети де өзгермекте. Нызамның 54-статьясына муўапық, ендигиден былай мәмлекетлик хызметкерге кеминде жигирма жети календарь күнлик жыллық тий­карғы дем алыс бериледи. Буннан тысқары, мәмлекетлик хызметкерге көп жыллық жумыс стажы ҳәм айрықша мийнет шараятлары ушын ҳәр жылы қосымша мийнет дем алыслары бериледи.

Жуўмақлап айтқанда, нызам мәмлекет басқарыўының пүткиллей жаңаша, нәтийжели ҳәм сапалы хызмет жүргизиўши системасын жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, нызамның турмысқа енгизилиўи тек ғана профессионал мәмлекет хызметиниң нәтийжели системасын қәлиплестириўге, және де мәмлекетлик уйымлар системасында коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели механизмин енгизиўге хызмет етпекте. Айтып өтиў орынлы, нызам быйылғы 2022-жылдың 10-ноябрь сәнесинен баслап күшке кирди. Негизинде, бир сөз бенен айтатуғын болсақ, бул нызам «халыққа хызмет ететуғын нызам». Ең тийкарғысы, мәмлекетлик хызметине профессионал кадрларды белсене тартыў, олардың потенциалын арттырыў, пидайы халықшыл ҳәм бәсекилес кадр­лар сыпатында тәрбиялаў ушын зәрүр ҳуқықый шараятлар жаратылады.

Н.ЕЩАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының

жергиликли санаатты раўажландырыў мәселелери бо­йынша жәрдемшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF