Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:17:18, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙРАМ ТАМАШАЛАРЫ БӘРШЕГЕ ЗАЎЫҚ БАҒЫШЛАДЫ

Усы жыл 11-декабрь күни Нөкис қаласының Атшабар майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланып өткерилген байрам тамашаларынан репортаж

Президентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте. Тараўға қаратылып атыр­ған айрықша итибар ҳәм ғамқорлық дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш-жигер бағышлап, жылдың машақатлы келиўине қарамастан пахта, бийдай ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте.

 «Биз сизлердиң тымсалыңызда ҳәр қандай қыйын шараятта да өзиниң кәсибине ҳәм парызына садық қалып, ел-журтына шын кеўилден хызмет етип киятырған мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы инсанларды көремиз,-деген еди Президентимиз Өзбекстан Аўыл хожалығы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында. Бул тараўдың ҳәр бир хызметкерине күш-қуўат ҳәм кәсибине сүйиспеншиликти арттырады.

Миллий қара үйлер, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безелген Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып байрам тамашалары болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады. Президентимиздиң Өзбекстан Аўыл хожалығы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўына, соның менен бирге, аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, жер-суў ресурс­ларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәми­йинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, фермер ҳәм кластерлер ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, заманагөй техникалар жеткерип берилмекте.  Бул өз гезегинде аўыл хожалығында жоқары нәтийжелерге ерисиўге беккем тийкар болмақта.

Жылдың қолайсыз келиўине қарамастан дийқанлардың маңлай тери менен быйылғы аўыл хожалығы жылында жоқары зүрәәт алыўға ерисилгенин айрықша атап өтиўимиз керек. Атап айтқанда, 84 мың тоннадан аслам масақлы дән жетистирип, реже 114 процентке, 239 мың тоннадан аслам пахта жетистирилип, реже 101 процентке, дерлик 690 мың тонна мийўе-палыз өнимлери жетистирилип, реже 110 процентке, сондай-ақ, 802 тонна пилле жетистирилип, реже толық орынланды. Буннан тысқары, халқымызға 78  мың тоннаға шамалас гөш, 246 мың тоннадан зыят сүт өними жеткерип берилди.

Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўши 772 кәрхана республикамыздың экономикасын беккемлеўге мүнәсип үлес қосып келмекте.  Соның менен бирге, бы­йылғы жылдың өзинде 24 мил­лиард сум қаржы есабынан 280нен аслам аўыл хожалығы техникасының алып келингенлиги, айланыстан шыққан  12 мың гектардан аслам жердиң қайта тикленгенлиги, 78 аўыл хожалығы кластери жумысының жол­ға қойылғанлығы дийқан ҳәм фермерлердиң дәраматының артыўына, пилле, ғәлле ҳәм пахта жетистириў бо­йынша шәртнамалардың орынланыўына,  сондай-ақ, экономикамыздың буннан былай да беккемлениўине тийкар болмақта.

Байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Тахтакөпир районы биринши, Беруний районы екинши, Нөкис районының командасы үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортаға дзюдо бойынша Өзбекстан чемпионы, Әмиўдәрья  районынан ЭлҢр Машарипов ҳәм кураш бойынша жаслар арасында Өзбекстан чемпионы, Нөкис районынан Захритдин Зайтов шықты. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Захритдин Зайтов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев палўанға бас байрақ — Президентимиздиң саўғасы «Jentra» автомашинасын салтанатлы жағдайда тапсырды. Буннан кейин бир нешше салмақ категорияларында пайўанлар беллесип, жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қошқарлар урысы да тамаша­гөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Усы күни Қоңырат районынан И.Бабаниязов, Шымбай районынан К.Сейтбеков, Хожели районынан Ш.Бекмуратов, Ш.Қолдашев, Қанлыкөл районынан  Б.Ермағанбетов, Кегейли районынан А.Өтепов, Әмиўдәрья районынан Ю.Уразбаев, Тахтакөпир районынан Ш.Турмамбетов, Нөкис районынан Д.Алламбергенов, Нөкис қаласынан Ж.Сметуллаевлардың қошқарлары жеңиске еристи. Ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Буннан  кейин бир, үш, бес, жети, он айлаўға атлар жиберилди. Онда республикамыздың барлық районларынан келген шебер шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти. Әсиресе, он айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болды. Бәйгиге биринши болып келген Нөкис қаласынан Бахыт Ибрагимовтың аты бас байрақты қолға киргизди. Оған Президентимиздиң саўғасы «Jentra» автомашинасы тапсырылды. Кейинги орынларды ийелегенлер мотоцикл, музлатқыш, телевизор, гилем сыяқлы қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, еки айланымға жорға, командалық көкпар, «Қыз қуўыў», «Теңге алыў» жарысларының жеңимпазлары анықланып, баҳалы саўғалар тапсырылды. Быйылғы жылы пахта жетистириў бойынша шәртнамалы режени артығы менен орынлаған еки фермер хожалығы «Кегейли-Шымбай» агрокластери  тәрепинен  «Nexia 3» автомашинасы менен сыйлықланды.

— Соңғы жыллары аўыл хожалығына қаратылып атырған айрықша итибар қыйын келген жылда да жетискенликти қолға киргизиўимизге тийкар болды,-дейди Өзбекстан Қаҳарманы Сәрсенбай Сейтназаров. — Әсиресе, фермерлеримиздиң ең заманагөй аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлениўи, яғный, жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў, тамшылатып суўғарыў ҳәм басқа да жаңа усыллардың енгизилиўи бизиң шараятымызда да өнимдарлықтың артыўына хызмет етпекте.

Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына айрықша заўық бағышлады.  Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып өткерилген байрам тамашалары халық сейили менен узақ даўам етти.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF