Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:25:08, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАХЫТЛЫ ШАҢАРАҚ БАЛАЛАР НӘЗЕРИНДЕ

1960-жылдың 25-ноябрь күни Доминикан мәмлекети диктаторы  Рафаэл Трухильоның басқарыў дүзимине қарсы өз ҳуқықын талап етип шыққан апалы-сиңлили Мирабальлар сол дүзим тәрепинен аяўсыз түрде өлтириледи.

1999-жылы Бирлескен Миллетлер шөлкеми тәрепинен бул сәне «Халықаралық ҳаялларға қарата зорлық-зомбылыққа қарсы гүресиў күни» сыпатында жәрияланып, ол дүнья жүзиниң көпшилик еллеринде кең түрде белгиленеди ҳәм БМШтың 1999-жыл 17-декабрьдеги арнаўлы резолюциясы тийкарында «16 күн зорлық-зомбылықсыз» деп аталыўшы акциясы өткериледи.

Бизиң мәмлекетимизде де ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, жәмийетте гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасының Нызамы бунда әҳмийетли орын тутпақта.

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен усы сәне мүнәсибети менен «Зорлық-зомбылықсыз шаңарақ-абадан турмысқа қарай» сүрени астында 16 күнлик акция шеңберинде бир қатар илажлар өткерилмекте.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Бахытлы шаңарақ балалар нәзеринде» атамасында дөгерек сәўбети ҳәм 9-11-класс оқыўшылары арасында «Шаңарақтағы бахытлы орталық» атамасында сүўретлер салыў таңлаўы өткерилди.

Илажды Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими директоры Г.Жоллыбекова бас­қарып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигелери Б.Айымбетова, Х.Незаматов, Қарақалпақстан Мусылманлар қазыятының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Т. Досымбетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша исленип атырған кең көлемли илажлар, олардың заман талабына сай билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиниклер берди. Соның менен бирге, елимизде динди нықап етип, ҳаял-қызларды өзлериниң ғәрезли мақсетлери жолында пайдаланып атырған айырым кимселердиң жынайый ҳәрекетлери ҳәм оннан оқыўшы жасларымыз аўлақ болыўы кереклиги ҳаққында да айтып өтти.

Илажда акция шеңберинде өткерилген «Шаңарақтағы бахытлы орталық»  атамасындағы сүўретлер салыў таңлаўының жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF