ЖАЗЫЎШЫНЫҢ ҲҮРМЕТИНЕ АРНАЛДЫ
Жақында Кегейли районлық 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде белгили жазыўшы ҳәм журналист Жийенбай Мояновтың дөретиўшилигине арналған әдебий-еслеў кешеси болып өтти.
Жийенбай Моянов 1945-жылы Кегейли районы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қарасыйрақ» елатында туўылған. 1953-жылы сол елаттағы мектепке оқыўға барады. 1973-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх, тил ҳәм әдебият бөлимин питкергеннен соң Кегейли районлық газетасында бөлим баслығы, районлық партия комитети қасындағы «Билим» жәмийетиниң жуўаплы хаткери, 1976-1979-жыллары халық депутатлары Кегейли районлық кеңеси атқарыў комитетиниң шөлкемлестириўши инструкторы, 1979-1984-жыллары ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасының хабаршысы, кейин Бозатаў районлық партия комитетиниң үгит-нәсият бөлими баслығы, 1987-1988-жыллары Бозатаў районлық «Ылғаллы мийнет» газетасының бас редакторы, 1988-2014-жыллары Кегейли районлық ҳәзирги «Кегейли турмысы» газетасының бас редакторы лаўазымларында жемисли мийнет атқарған.
Ж.Моянов өткен жыллары даўамында бир неше поэзиялық, прозалық, драмалық шығармалар жазыў менен бирге дүнья ҳәм туўысқан халықлар әдебиятынан бир қанша аўдармалар ислеп, оларды баспасөзде жәриялап барды. Кегейли районының тарийхына байланыслы «Кегейли тарийх жылнамасында» атлы көлемли китабын, сондай-ақ, «Дийқан-директор Панаев», «Ерди ели ардақласын» китапларын оқыўшылар қәўимине инам еткен.
Кешеде Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Е.Байназаров, нураный Ш.Панаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң илимий хызметкери Р.Арзиев ҳәм жазыўшының өмирлик жолдасы Р.Моянова, перзенти, педагогика илимлери бойынша философия докторы, доцент Ы.Мояновлар шығып сөйлеп, Ж.Моянов ҳәм оның дөретиўшилик жолы, инсаныйлық ағла пазыйлетлери ҳаққында қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
Р.АРЗИЕВ,
Әжинияз атындағы НМПИ таяныш докторанты.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.