ДРАМАТУРГИЯМЫЗДЫҢ САРҚЫЛМАС БУЛАҒЫ
Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Рахмановты еслеў кешеси өткерилди.
Кешеге оның заманласлары, дослары, жазыўшы-шайырлар, муғаллимлер, перзентлери ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.
Еслеў кешесинде сөзге шыққанлар К.Рахмановтың поэзия, проза ҳәм драматургия жанрларында теңдей дөретиўшилик еткенлигин, оның халықшыл, туўры сөзли инсан болғанлығын атап өтти. Қарақалпақ театр көркем өнерин биринши мәрте дүньяға танытқан К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» комедиясы болып есапланады. Намасын елимизге белгили композитор Н.Мухаммеддинов жазған бул комедия Египет театрлары сахналарында қойылған. Сондай-ақ, 1991-жылы оның «Келин» спектакли Қазақстанның барлық театрларында қойылды.
К.Рахманов драматург сыпатында бир қанша шығармалар дөретип, оның 15ке шамалас комедия жанрындағы спектакльлери, 100ден аслам миниатюрасы бар. Олар Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрларының сахналарында елеге шекем қойылып келмекте.
Кешеде мектептиң театр бөлими оқыўшылары тәрепинен К.Рахмановтың «Ынжықтың муҳаббаты» спектаклинен үзинди қойып берилди. Сондай-ақ, миллий музыка бөлиминиң оқыўшылары оның қәлеминен дөреген «Көзлериңе интизарман», «Нәзелим дилбар», «Бердақ бабаға» қосықларын атқарып берди.
— К.Рахманов Қарақалпақ драматургиясы ушын сарқылмас байлық қалдырып кетти, -дейди Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Жумагүл Сағындыкова. — Оның «Ынжықтың муҳаббаты», «Жаралы жүреклер» спектакльлери классика дәрежесине жетти. Маған да усындай спектакльлерде роль ойнаў бахты несип еткенинен қуўанышлыман.
Илаж соңында К.Рахмановтың перзентлери тәрепинен мектеп китапханасына «Арғымағым», «Гүзги муҳаббат» китаплары саўға етилди.
Шайыр, жазыўшы ҳәм драматург К.Рахманов қарақалпақ әдебияты тарийхында сөнбес жулдыз болып мәңги қалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.