Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:49:36, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ БАСЛАМА ТИЙКАРЫНДАҒЫ ЖУМЫСЛАР БАСЛАНДЫ

Жақында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында республикамыздағы барлық қала ҳәм районлардың социаллық-экономикалық жағдайын және де жақсылаў, мәҳәллелерде әмелге асырылып атыр­ған жумысларды системалы тәризде қадағалаў, сондай-ақ, халықтың мүрәжатларын үйрениў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў бо­йынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға арналған видеоселектор мәжилиси өткерилген еди.

Мәжилисте айрықша итибар ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде социаллық қорғаўға мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардың турақ жайларын оңлап бериўге қаратылып, бул бойынша дүзилген исши топар тәрепинен олардың мәнзилли дизимлери қәлиплестирилди. Оларды қыс мәўсиминен зыянсыз алып шығыў ушын әмелий жәрдемлер көрсетиў бойынша сектор басшылары, депутатлар ҳәм мәҳәлле белсендилерине бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

«Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген исши топар тәрепинен Қоңырат районындағы жәми 27526 хожалық үйренип шығылып, олардан 321 шаңарақтың социаллық жәрдемге мүтәж екенлиги анықлан­ған.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың басшылығында ра­йон ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ра­йондағы социаллық жәр­демге мүтәж 321 шаңарақтың социаллық машқалаларын үйрениў ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан турақ жайларын оңлап бериўге әмелий жәрдем көрсетиўге бағышланған мәжилис өткерилди. Оған райондағы төрт сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты. Мәжилисте секторлар кесиминде көрсетилген ҳәр бир хожалықтың жағ­дайынан хабар алыў, олар­ға материаллық жәрдемлер көрсетиў, турақ жайларын оңлап бериў ҳәм усыныслар киргизиў бойынша депутатлар ҳәм район белсендилерине ўазыйпалар белгилеп берилди.

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,   

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

СҮЎРЕТТЕ: мәжилистен көринис.    

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF