Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:55:59, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАҚЫЯТАС ЫЭС: ЭЛЕКТР ТӘМИЙНАТЫНДА ҮЗИЛИС БОЛМАЙДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев энергосистемада турақлылықты тәмийинлеў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўде пидәкерлик мийнет етип атырған Тақыятас ыссылық электр стан­циясы хызметкерлери менен ушырасты.

Бүгинги күнде республикамыздың аймақларын турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай  жумыслар алып барылмақта. Бунда әлбетте Тақыятас ыссылық электр станциясы хызметкерлериниң мийнети айрықша.

Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы станцияның жумысы, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Режеге муўапық ыссылық электр станциясында электр энергия ислеп шығарыў суткасына 13,1 млн. кВт. саат болып, бүгинги күнде әмелде еки энерго блок ҳәм еки пуў-газ қурылмасында суткасына 17,5 млн. кВт. саат әтирапында электр энергиясын ислеп шығармақта.

Республикамыз аймағына суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен электр энергиясына бол­ған талап анағурлым артатуғыны белгили. Сонлықтан кәрханада гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў жумыслары шеңберинде тийкарғы ҳәм жәрдемши үскенелердиң турақлы ислеўи бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алын­ған.

Атап айтқанда, ислеп шығарылып атырған электр энергиясын жоқары күшлениўши линия­ларға сапалы ҳәм үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде ашық бөлистириў қурылмалары үскенелерин техникалық оңлаў жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, кәрханада 24 саатлық штаб нәўбетшилиги шөлкемлестирилген.

Ушырасыў даўамында қыстың аязлы күнлеринде халқымызды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўде аянбай мийнет етип атырған кәрхана хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилди ҳәм оларға Жоқарғы Кеңес Баслығының ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Кәрханада электр энергиясы менен байланыслы машқалалардың алдын алыў мақсетинде барлық илажлар көрилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF