НАМАЛАРЫ ХАЛЫҚ ҚӘЛБИНДЕ
Республикамызда эстрада жанрының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан талант ийеси, белгили мелодист-композитор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Қәдир Ҳилалов тири болғанында быйыл өзиниң 63 жасын қарсы алған болар еди. Лекин, арамызда болмаса да ол тәрепинен дөретилген әжайып намалар қарақалпақ көркем өнериниң тарийхында, қосықсүйер халқымыздың жүрек төринде сақланып киятыр.
Екшемби күни Қарақалпақстан көркем өнер сарайында республикалық Мәденият министрлиги ҳәм усы сарай жәмәәтлериниң шөлкемлестириўинде «Мен жасайман намаларымда» атамасында композиторды еслеў кешеси ҳәм ол дөреткен намалардан дүзилген концерт бағдарламасы болып өтти.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов республикамызда атқарыўшылық өнериниң, әсиресе, оның эстрада жанрының раўажланыўында Қәдир Ҳилаловтың тутқан орнына айрықша тоқтап өтти. Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдинов, шайыр, «Дослық» ордениниң ийеси Г.Дәўлетова, Қарақалпақстан халық жазыўшылары А.Султанов ҳәм М.Нызановлар сөзге шығып, композиторды еске алды.
Еслеў кешесиниң қатнасыўшылары буннан соң республикамызға белгили көркем өнер шеберлери Мырзагүл Сапаева, Базаргүл Каримова, Дәлибай Мәмбетмуратов, Роза Қутекеева, Мақсет ҳәм Узақберген Дошбаевлар, Бегис Темирбаев, Алтынгүл Әжиниязова, Гүлхатыйша Айымбетова, Баҳадыр Разымбетов, Саламат Қәллибеков, Мақсет Өтемуратов ҳәм басқалар тәрепинен атқарылған, намаларын Қәдир Ҳилалов дөреткен «Ўатан тәрийпи», «Сағынаман», «Қыз сағынышы», «Умытпа гөззал», «Яр ышқы», «Сүйип қалдым», «Бахытлы ете алмадым», «Ана топырағым», «Мен Ташкентти сағынаман көрмесем», «Қарақалпағым» атлы қосықларды тыңлап, руўхый заўық алды.
С.ЖАНИЕВ.