«КОНСТИТУЦИЯ БИЛИМДАНЫ» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы мүнәсибети менен «Ўатан келешеги жаслар қолында» жойбары шеңберинде «Конституция билимданы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Ашылыў салтанатында партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов ҳәм басқалардың атап өткениндей, жаслардың ҳуқықый мәдениятын қәлиплестириў, ең дәслеп, Конституция ҳәм нызамларды билиў, оларға әмел етиў айрықша әҳмийетке ийе. Партия тәрепинен дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Конституция билимданы» таңлаўы мине усы мақсетлерди өзинде жәмлегени менен де әҳмийетли.
Таңлаў қатнасыўшылары өзлерин таныстырыў, сораў-жуўап ҳәм «Партия мениң нәзеримде» деп аталған үш шәрт бойынша билимлерин көрсетти. Төрешилер қурамы олардың ҳуқықый билимине, сахна мәдениятына әмел етиўине ҳәм сөйлеў шеберлигине айрықша итибар қаратты.
Таңлаў жуўмағында Нөкис қаласындағы 47-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Аллабай Турсынбаев биринши орынды ийелеп, Өзбекстан басқышына жоллама алды. Екинши орынды Әмиўдәрья районындағы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Шийрин Шарипова, үшинши орынды Нөкис районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Әнжим Узақбергенова ийеледи.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине партияның Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.