ПУҚАРАЛАРДЫҢ ИСЕНИМИН АРТТЫРАМЫЗ
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 8-август күни мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде хызмет алып барып атырған 118 мыңнан аслам мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң ҳуқықый статусын белгилеўши ҳәм олардың жумысын бирден-бир нызам тийкарында ҳуқықый тәртипке салыўшы «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қол қойылды.
Нызамда мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң нызамлы, әдалатлы, халыққа хызмет етиў, мәмлекет органлары ҳәм лаўазымлы шахслардың жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуўапкершилиги, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашықлық, айдынлық, қалыслық, профессионаллық ҳәм компетентлик, мәмлекетлик пуқаралық хызметке кириўде пуқаралардың тең ҳуқықлылығының тийкарғы принциплери белгиленген.
Усы жылдың 31-октябрь — 5-ноябрь күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясында Миллий кадрлар резервине киргизилген басқарыў кадрлары ушын қысқа мүддетли қәнигелигин арттырыў оқыў курсы шөлкемлестирилди.
Оқыў курсында профессор-оқытыўшылар ҳәм илим докторлары тәрепинен соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилип атырған Пәрманлар, қарарлар, бийликлер ҳәм ҳүкимет қарарлары Жаңа Өзбекстанды қурыўда Кадрлар таңлаўды дурыс жолға қойыў ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыў — тийкарғы ўазыйпалардың бири болып есапланыўы бойынша кең түрде түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, мәмлекетлик пуқаралық хызметинде басқарыў кадрларының дүньяқарасын өзгертиў, коррупцияның алдын алыў, мәплер соқлығысыўына жол қоймаў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў, мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде ишки әдеп-икрамлылық қағыйдаларының тастыйықланыўы ҳәм әмел етиўин тәмийинлеў тийкарғы мақсети есапланады.
Мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде ислеўши мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер арасында жәмәәтлик орталықты шөлкемлестириў, жетекшилик ҳәм профессионал көнликпелерин арттырыў — басқарыў кадрларының баслы ўазыйпасы болып табылады.
Соның менен бирге, оқыў курсында бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳәр бир аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў, оны халыққа кең түрде жеткериў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи, халықтың ишине кирип, оларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў, шешилиў жолларын табыў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен пуқаралар арасында жәриялылықты тәмийинлеў, пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына исенимин арттырыў — мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумыс алып барыўының тийкарғы мақсети есапланады.
Шөлкемлестирилген оқыў курсында алған билим ҳәм көнликпелеримизди Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген шақырығы астында өз жумыс барысымда қолланып, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң дурыс хызмет алып барыўы, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, коррупцияның алдын алыў, мәплер соқлығысыўына жол қоймаў ҳәм турақлы түрде хызметкерлердиң жумысын арттырып барыўды тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа етип белгилеп алдым.
И.ТЛЕУОВ,
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасының баслығы.