Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:06:31, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘРДЕМГЕ МҮТӘЖ ҮШ ЖАС ТУРАҚ ЖАЙЛЫ БОЛДЫ

Президентимиздиң 2021-жыл 10-августтағы  «Жетим балалар ҳәм ата-аналар қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа сис­темасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Мийрим-шәпәәт дәптери»не киргизилген 18 жасқа толған жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған әмиўдәрьялы 3 жас­қа Нөкис қаласынан турақ жай сатып алынды.

Район ҳәкимлигинде усы турақ жайлардың гилтлерин ҳәм тийисли ҳүжжетлерин өз ийелерине тапсырыў мәресими болды. 

Ҳәр бириниң баҳасы 130 миллион сум болған усы турақ жайлар Нөкис қаласында жайласқан. Жеке ямаса мийрас қалдырылған турақ жайы болмаған, сондай-ақ, усы жылда турақ жайға мүтәж пуқара сыпатында дизимге алынған жасларға турақ жайлардың гилтин ҳәм ҳүжжетлерин район ҳәкими С.Йўлдашев салтанатлы жағдайда тапсырды.

Илажда «Нураныйлар» жәмийетлик Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аллабергенов, ҳәкимликтиң балаларды қорғаў бойынша секторының баслығы Ж.Халмуратов ҳәм басқалар жасларды жаңа турақ жай менен қутлықлады.

Өз гезегинде жаңа турақ жай ийелери  социаллық жәрдемге  мүтәж жасларға көрсетилип атырған айрықша итибары ушын Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF