ШЕТКИ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫНЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласының ең шетки аўыр аймақларының бири болған «Бестөбе» мәкан пуқаралар жыйынында болды.
Аймақта бүгинги күнде 461 хожалықта 2200 ден аслам пуқара жасап киятырған болып, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул жерде аймақ турғынларының жасаў шараяты менен танысыў мақсетинде социаллық жәрдемге мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың үйлерине барып көрди. Турғынлар менен жақыннан сәўбетлесип, олардың машқалаларын тыңлады. Сол орынның өзинде социаллық қоллап-қуўатлаўға ҳәм материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға хожалық буйымлары, азық-аўқатлық өнимлер ҳәм басқа да бир қатар саўғалар тапсырылды.
Атап айтқанда, Дилбар Сарсенбаеваның турақ жайы оңланып, ысытыў системасы тартылып, сондай-ақ, перзентиниң шәртнама пулының 75 проценти төлеп берилетуғын болды. Сондай-ақ, бир қатар шаңарақларға үй-руўзыгершилик буйымлары, азық-аўқат өнимлери менен бирге басқа да саўғалар тапсырылып, жасаў шараятлары үйренилип, олардыңда турақ жайларын оңлаў, ысытыў системаларын орнатыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасында болған сапарында «Сизлер менен бирге үлкен ҳәрекет басладық. Ҳәр бир аймақтың дәртин билейик, ҳәр бир инсанның ишине кирейик, ертеңги күнге исенимин оятайық деп терең реформаларды әмелге асырып атырмыз. Адамлар ертең емес, алыс келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек» - деп атап өткен еди.
Бүгинги күнде мине, усы ийгиликли баслама тийкарында пуқаралардың машқалаларын тыңлаў, олардың жақсы жасаўы ушын бар мүмкиншиликлерди иске салыў жумыслары системалы түрде даўам еттирилмекте.
Усындай ушырасыўлардың бири Нөкис қаласынан дерлик 90 километр қашықлықта жайласқан «Қаратаў» мәкан пуқаралар жыйынында да болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.