ХОЖЕЛИ АБАДАНЛАСҚАН АЙМАҚҚА АЙЛАНАДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Хожели районында кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде мәжилис өткерилди.
Барлық министрлик, басқарма ҳәм тараўлардың, районлық мәкеме-шөлкемлердиң басшылары қатнасыўында өткерилген мәжилисте ўазыйпалар белгилеп алынып, секторлар кесиминде республика мәкемелери ҳәм район шөлкемлеринен жуўапкерлер жумысшы топарлар дүзилген ҳалда бириктирилди.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў, оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериў мақсетинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, турақ жай, социаллық тараў объектлери, ишки жоллар, ишимлик суў, электр, газ тәмийнаты ҳәм абаданластырыўға байланыслы машқалалардың унамлы шешимин табыўда барлық имканиятлар иске қосылып, бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилип атыр.
Районда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды үйрениў, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўларды раўажландырыў, инфраструктура объектлерин жақсылаў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлле менен өз алдына ислесиў жолға қойылмақта. Бунда ең баслысы, халқымыздың турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў болып есапланады.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.