Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:04:01, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Финляндия — Орайлық Азия» парламентлераралық дослық топарының баслығы К.Кильюнен басшылығындағы Финляндия парламенти делегациясын қабыл етти.

Қабыллаўда Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы аймағы халқының саламатлығын беккемлеў ҳәм бул бағдарда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилди. Арал теңизиниң қурыўы бизиң дәўиримиздиң ең үлкен глобаллық экологиялық апатшылықларының бири болды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде дүнья жәмийетшилигиниң итибары және бир мәрте Арал апатшылығына қаратылғаны айтып өтилди.

Арал бойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фонды жергиликли халықтың турмыс шараятын жақсылаў, аймақтағы апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бағдарында шөлкемлестирилген болып, фонд қаржылары есабынан бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылды.

Өз гезегинде мийманлар жыллы-жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди.

«Финляндия — Орайлық Азия» парламентлераралық дослық топары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында өз-ара бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы оғада әҳмийетли екенлиги атап өтилип, тәреплер бәрқулла бирге ислесиўге таяр екенлиги билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF