Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:12:45, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОНСТИТУЦИЯ — ИНСАН ҚӘДИРИНИҢ ТЫМСАЛЫ

1992-жыл 8-декабрьде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекетимизди дүньяға танытқан, халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы субъекти сыпатында белсендилик пенен ҳәрекет етиўге ҳуқықый тийкар жаратқан әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.

Быйыл дүзилгенине 30 жыл болған ҳәм мәмлекетимиз сиясатындағы түпкиликли өзгерислерди өзинде сәўлелендирген Конс­титуциямызда өткен жыллар ишинде базар қатнасықларына тийкарланған, жәми­йеттиң экономикалық негизи болған, жеке мүлкшилик, еркин исбилерменлик сыяқлы институтлар беккем ҳуқықый тийкарға ийе болды.

Конституция — мәмлекет ҳәкимиятын дүзиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге жәмийет турмысының барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, адамлардың санасы ҳәм ой-пикирлериниң руўхый көтериңкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады. Конституциямыз халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демо­кратиялық принцип Конституциямыздың 7-статьясында тас­тыйықланып, «Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дереги» деп көрсетилген.

Конституция өзинде инсаныйлық идеясын жәмлеген, елимизде избе-излик пенен әмелге асырылып атырған реформалар — мәмлекет қурылысы тараўында бола ма, жәмийет қурылысы, нызамшылық, суд-ҳуқық системасында бола ма, олардың ҳәммесин системалы түрде бир пүтин байланыстырып турыўшы тийкарғы буўын бул — инсан мәплери болып есапланады.

Ҳақыйқый демократиялық принциплерди өзинде сәўлелендирген Конституция, ол тарийхта сыналған улыўма инсаный қәдириятларды, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәм­лекет суверенитетин, нызамлардың үстинлиги, демократияны, социаллық әдилликти, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алын­ған нормаларының үстемлигин өз ишине алады. Конс­титуция бизлердиң уллы мәмлекеттиң пер­зент­лери екенлигимизди, оның тәғдирине жуўапкершилигимизди билдиреди. Ўатанымыздың өтмишине ҳәм келешегине мақтаныш сезимлеримизди оятады ҳәм оның уллы келешегине исеним билдиреди.

Елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийеттиң ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды. Бул болса, мәмлекетимиздиң Тийкарғы нызамында өз орнын таўып, онда инсан мәпи дүньядағы барлық нәрселерден үстин турады. Солай екен, Өзбекстан Конституциясы — бул елимизде инсан қәдириниң, оның қорғалыўының айқын тымсалы деп айтыўға толық тийкарлар бар.

Конституциямыздың екинши бөлиминде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң улыўма тән алынған халықаралық ҳуқықый нормалар сәўлеленип, олардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы Конституциялық дәрежеде беккемлеп қойылды. Бизиң уллы мақсетимиз Конс­титуциямыздың барлық нормаларына сиңдирилген. Онда белгиленген турмыслық идеялар ҳәм олар себепли жүзеге келген нормалар тийкарында мәмлекетимиз суверенитети, ғәрезсизлиги беккемленип бармақта.

Конституцияда беккемленген, жоқары руўхый, мораллық қәдириятлар ҳәм миллий үрп-әдетлердиң турмыста қолланылыўы жәмийетимиздиң жаңаланыўына көмеклеседи, мәмлекетимиз пуқараларында жаңа турмыс тәризи ҳәм жаңаша ойлаўды пайда етеди. Тийкарғы нызамымыз пуқараларымыз санасында ғәрезсизлик, еркинлик, қәдир-қымбат, жуўапкершилик, өз мәплерин журт мәплери менен уйғын ҳалда көриў сыяқлы жақсылық идеяларды қарар таптырыўға хызмет етиўге қаратылған. 

Конституциямыз келешеги уллы мәмлекеттиң исенимли ҳуқықый кепиллиги есапланады. Турмысымызды жақсылаў, оны нызамлы тийкарда қурыў, ҳуқықларымызды тәмийинлеў, жәми­йетте нызам ҳәм әдиллик үстемлигин орнатыў инсанды жоқары қәдирият деп ҳүрметлеп, оның барлық мәплерин қорғаў ушын хызмет етеди.   

Халықты келешекке бағдарлаўшы, бириктириўши, аўызбиршилигин, дослығын беккемлеўши, мийнетке руўхландырыўшы ҳәм жәмлестириўши Конституция болып табылады. Сонлықтан, бизлер Конституцияны ҳүрметлеўимиз, күнделикли турмыста тиккелей басшылыққа алыўымыз, ондағы белгиленген ҳуқық ҳәм миннетлерди булжытпай әмелге асырыўымыз тийис.

Мурат ТАЖИБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судья аға жәрдемшиси.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF