«БЕРДАҚ КҮНЛЕРИ» ҲӘПТЕЛИГИ ИЛАЖЛАРЫ
Пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты мәмлекетлик музейинде уллы бабамыз, белгили шайыр Бердақ Ғарғабай улы туўылғанының 195 жыллығына бағышланған «Бердақ күнлери» ҳәптелиги илажлары болып өтти.
Илаж шеңберинде қатнасыўшылар музейде «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Көк көйлек» атлы ҳүжжетли фильмди, халық художниги Қ.Бердимуратовтың дөретиўшилигине арналған «Қыл қәлемди сөйлеткен художник» атамасындағы көргизбени тамашалады. Сондай-ақ, «Мақтымқулыға мүрәжат» атамасындағы илимий-теориялық конференция шөлкемлестирилип, республикамызға белгили бақсылардың ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының актёрлары тәрепинен уллы тулғалардың рольлери атқарылды.
Илажға республикамызға белгили алымлар, жазыўшы-шайырлар, жоқары оқыў орны студент-жаслары, мектеп оқыўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей, ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап елимизде дөретиўши инсанларға айрықша итибар қаратылып, халқымыздың руўхый дүньясын, мәденияты менен мәнаўиятын байытыў жолындағы ийгиликли ислер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте. Бул әзелден халқымызға тән болған әдебиятқа, мәдениятқа, көркем өнерге, дөретиўшиликке деген айрықша меҳир ҳәм итибардың көриниси саналады. Халқымыздың ҳақ кеўилин, көп әсирлик арзыў-әрманларын, умтылысларын билмекши, аңлап жетпекши болсаң, Бердақтың ақыл-закаўаты менен жаратылған халық дәстанларына, Мақтымқулы, Күнхожа, Әжинияз сыяқлы уллы шайырлардың тәсиршең шығармаларына мүрәжат етсең, әлбетте, көп мәни табасаң.
БЕРДАҚТЫҢ ТИЛИ Путалы, тикенли, шеңгелзарлыққа, Пышық мурны батпас қалыңзарлыққа, Бағы-бостанлыққа, лалазарлыққа, Бүлбилди қондырған Бердақтың тили. Қайың болып, қарсы турған желлерге, Сән келтирген саҳраға ҳәм шөллерге, Суўы шалқып жатқан айдын көллерге, Қусларды қондырған Бердақтың тили. Алтақлама балам, талтақлама деп, Күшли бол, кисиге жалтақлама деп, Ўатаның — Анаң деп, халқың — данаң деп, Санамды байытқан Бердақтың тили. Шөлиркесем шәшме суўын уртлатқан, Шайыр етип, қолға қәлем услатқан, Мазам қашса, сазын шалып уйқылатқан, Бердақтың қосығы, Бердақтың тили. Жаз нәпесин журтымызға жуўытқан, Сөз қаймағын қатық етип уйытқан, Жүректеги тоңған музды жылытқан, Бердақтың қосығы, Бердақтың тили. Базарбай АТАМУРАТОВ. |
Бердақ Ғарғабай улы келешек әўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен данышпан шайырлардың бири саналады. XIX әсир қарақалпақ тарийхы менен әдебияты ҳаққында сөз болғанда өзиниң айрықша таланты, баҳалы шығармалары менен әдебиятымыздың раўажланыўына, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға салмақлы үлес қосқан бул уллы шайырымыздың исми ҳүрмет пенен тилге алынады.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде ата-бабаларымыздың дөретиўшилик мийнетлерин үгит-нәсиятлаў, олардың атларын мәңгилестириў мәселесине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралып келинбекте. 2004-жылдан баслап «27-ноябрь — Бердақ күни» сыпатында кең түрде белгилениўи — булардың барлығы халқымыздың мәнаўиятына деген жоқары итибардың көриниси саналады.
Буннан тысқары, илаж шеңберинде музейдиң басламасы менен бабамыздың туўылып өскен жерине, оқыған жери — Қарақум ийшан медресесине, қойымшылығына зыярат шөлкемлестирилди.
Р.АРЗИЕВ,
Әжинияз атындағы НМПИ таяныш докторанты.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.