ТЕЛЕОРАЙДА ШАҢАРАҚ ПОЛИКЛИНИКАСЫ АШЫЛДЫ
Нөкис қаласында халыққа сапалы медициналық жәрдемди кеңейтиў мақсетинде «Телеорай» МПЖ аймағынан Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 10-санлы шаңарақлық поликлиника иске түсти.
Нөкис қалалық медициналық бирлеспесине қараслы 150 қатнаў қуўатлылығына ийе бул поликлиника имараты жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Поликлиниканың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, медицина тараўы хызметкерлерин жаңа поликлиниканың ашылыў салтанаты менен қызғын қутлықлады.
Бул поликлиника Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыс ҳәм инфраструктура жағдайы менен байланыслы мәселелерди шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Мәмлекетлик Инвестициялық бағдарламаға киргизилип, қурылысы «GENTIKLASH QURILIS» ЖШЖ тәрепинен усы жылы басланып, бүгинги күнде толығы менен өз жуўмағына жетти. Қурылыс баҳасы улыўма 3,3 миллиард сумды қурайды.
Поликлиника Нөкис қаласының 4,5,8-санлы шаңарақлық поликлиникалары тәрепинен хызмет көрсетип келинген «Телеорай», «Алтын жағыс», «Боз аўыл» ҳәм «Наўқан бағ» МПЖда жасаўшы 18 мыңнан аслам адамға басланғыш медициналық хызмет көрсетеди.
Шаңарақлық поликлиника ең соңғы медициналық үскенелер менен тәмийинленген болып, онда медицина хызметкерлериниң жумыс ислеўи, емлениўге келген адамлардың көриниўи ушын барлық қолайлылықлар ҳәм шараятлар жаратылған.
Илаж қатнасыўшылары поликлиникада жаратылған шараятлар менен танысып, жақсы тилеклерин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.