Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:13:53, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТКЕРЛЕР ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫНА ӘМЕЛ ЕТИЎИ ТАЛАП ЕТИЛЕДИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бағышланған оқыў-әмелий семинары өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрьдеги «Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде  өткерилген илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев ашты ҳәм алып барды.

Семинарға Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Мәмлекетлик хызметлер департаменти баслығы С.Абдуллаев, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен ўәкиллер, сектор басшылары, республикамыздың қала ҳәм ра­йонларының ҳәкимлери, студент-жаслар қатнасты.

Илажда атап өтилген қарарға муўапық мәмлекетлик уйымларда ишки мийнет тәртип қағыйдаларына өзгерис киргизилгени, барлық хызметкерлер әдеп-икрамлылық қағыйдалары менен таныстырылыўы, олардың әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатылыўы кереклиги атап өтилди. Семинарда мәплер соқлығысыўы, коррупция жағдайларының алдын алыў, мәмлекетлик хызметкерлердиң жәмийетшилик ўәкиллери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

— Бүгинги күнде әдеп-икрамлылық қағыйдалары қандай болыўы керек! Бурын болған ба! Бүгинги күнде не ушын оларға зәрүрлик туўылды! деген сораўлар пайда болады, -дейди Юрист­лердиң тәжирийбесин арттырыў орайының оқытыўшысы Восит Усмонов. — Ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда мәмлекетлик хызметкерлер әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етпей атырғанының гүўасы болып атырмыз. Соның ушын республикамызда жумысшы топар жумыс алып бармақта. Топар ағзалары өткерилген семинарлар даўамында билдирилген пикир-усыныслар тийкарында келешекте әмелге асырылыўы тийис илажларды белгилеп бармақта. Мысалы, Министрлер Кабинетиниң қарарында мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң хызмет ўақтында ҳәм хызметтен тысқарыда әмел етиўи керек әдеп-икрамлылық қағыйдалары белгиленди. Хызметтен тысқары ўақытта әмел етилетуғын қағыйдалар бойынша көплеген пикир таласлары жүзеге келип атыр. Не ушын мәмлекетлик хызметкер хызметтен тысқарыда әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи керек, деген сораўлар да ортаға тасланбақта. Себеби, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерге адамлар өзиниң машқалалары менен мүрәжат етеди. Мине, усы ўақытта ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер өзиниң кәсиплик этикасынан келип шығып, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел еткен ҳалда хызмет көрсетсе әжайып болар еди, деп ойлайман.

— Мен усы жоқары оқыў орнында мәмлекетлик хызметкермен. Бизлер педагог болғанымыз ушын тәрбия, әдеп-икрамлылық бойынша басқаларға өрнек болыўымыз керек, -дейди тьютор Дилрабо Исхакова. — Президентимиздиң усы жылдың 8-августында тастыйықлаған Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы нызамы 3 ай даўамында додалаў ушын жәмийетшиликтиң итибарына усынылған еди. Енди усы нызамның орынлаўшысы сыпатында бизлер бүгинги семинарда алған билимимизди сту­дент­лерге жеткеремиз. Себеби, олар келешекте мәмлекетлик хызметкерлер болып жетилисип шығады.    

Республикамыздың барлық аймақларында, шөл­кемлер менен мәкемелерде усы қарардың мазмуны ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық қағыйдалары кең түрде үгит-нәсиятланып, олардың әҳмийети түсиндирилмекте.

Илаж соңында қатнасыўшылар усы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды. 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF