Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:11:36, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ» КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДЫҢ ДЫҚҚАТ ОРАЙЫНДА

Халықты социаллық қорғаў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жедел реформалардың турақлы орайындағы мәселе болып қалмақта. Буның ушын елимиз бюджетинен   ажыратылатуғын қаржылардың муғдарын арттырыў ҳәм қосымша ресурсларды тартыў, социаллық қорғаў бағдарламалардың қамтыўын кеңейтиў ҳәм шаңарақларды аўыр турмыслық жағдайлардан алып шығыўға қаратылған қосымша механизмлерди енгизиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар усылардан есапланады.

Атап айтқанда, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы енгизилди. Кем тәми­йинленген шаңарақлардағы балаларға қараў ушын  төленетуғын напақаның қамтып алыўы кеңе­йип, оны тайынлаўда есапқа алынатуғын балалардың жасы 14тен 18ге асырылды.  Төлеў муғдары болса 6 айдан 12 айға шекем ҳәм напақаның муғдары  орташа 1,5 есеге көбейди. Жумыссызлық напақаларының ең аз муғдары 3,2 есеге арттырылған болып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жигирмадан аслам жаңа механизмлер енгизилди.

Быйылғы жылдың 1-ноябрь жағдайына Тақыятас районы бойынша 5377 шаңараққа балалар напақасы ҳәм 496 шаңараққа материаллық жәрдем төлеми әмелге асырылмақта.

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасының енгизилиўи нәтийжесинде Тақыятас районы бойынша кем тәмийинленген шаңарақ­ларға напақа ҳәм материаллық жәрдем төлеми артып бармақта. Атап айтқанда, бы­йылғы жылдың өткен 9 айы даўамында арза берген 18043 шаңарақтың 5878 шаңарағына (30 процент) балаларнапақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынланған.

Соның менен бирге, ра­йондағы материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларды, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында турақ жайға мүтәж жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырыл­ған еки пуқара-студент қыз турақ жай менен тәмийинленди. Сондай-ақ, «Темир дәптер»ге киргизилген 3 пуқараның турақ жайы оңланып берилди.

Ҳақыйқатында да, социаллық сиясат кең қамтыўлы болып, социаллық қор­ғаўдың тийкарғы мақсети-кәмбағаллық ҳәм оның белгилеринен қутылыў, сондай-ақ, халықтың социаллық әззи қатламын жәмийетке нәтийжели ҳәм жедел бейимлестириўден ибарат.

Президентимиздиң усы жыл 25-июльдеги «Өзбекстан Республикасының хал­қын социаллық қорғаў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен халықты социаллық қорғаў системасын раўажландырыўдың 2030-жылға шекемги дәўирдеги әҳмийетли бағдарлары ҳәм комплексли илажлары белгилеп берилди. Атап айтқанда, социаллық жәрдем бағдарламасы шеңберинде 30 түрдеги пенсия, напақа ҳәм материаллық жәрдем, социаллық тәмийнат бағдарламасы шеңберинде 9 түрдеги социаллық тәмийнат, социаллық хызметлер бағдарламасы шеңберинде 15 түрдеги социаллық хызмет, мийнет базарындағы белсенди илажлар бағдарламалары шеңберинде 13 түрдеги көмек түри көрсетилмекте.

Майыплығы болған шахс­лардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын жеделлестириў ҳәм оның толық ағзасына айландырыў мәселеси халыққа көрсетилип атырған социаллық хызметлер системасын раўажландырыў жолындағы тийкарғы мақсетлерден бири болып табылады. Бул бағдарда майыплықты белгилеўдиң дәстүрий «медициналық» моделинен заманагөй «социаллық» моделине басқышпа-басқыш өтиў белгиленбекте.

Халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж категорияларын қоллап-қуўатлаў бойынша Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер жәмийеттеги социаллық теңсизликти азайтыўға, байлықларды қайта бөлистириў арқалы мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәмлекеттиң пуқаралардың алдындағы социаллық жуўапкершилигин күшейтиўге қаратылған.

 

Азат МАТМУРАТОВ,

Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиндеги

ӨзЛиДеПдепутатлық топарының ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF