Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:23:33, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЗОРЛЫҚСЫЗ ШАҢАРАҚ-АБАДАН ТУРМЫСҚА ҚАРАЙ» АКЦИЯСЫ БАСЛАНДЫ

Нөкисте Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейим­лестириў республика орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен «Зорлықсыз шаңарақ-абадан турмысқа қарай» атамасында конференция болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң  баслығы М.Ахмедова, Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республика орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң директоры С.Насырова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды зорлық ҳәм зомбылықтан қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслар, «Зорлықсыз шаңарақ-абадан турмысқа қарай» сүрени астында өткерилиўи режелестирилген 16 күнлик акция­ның мазмун-мәнисине, оның шеңбериндеги илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2021-жыл 19-майдағы «Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республика орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди. Орайдың тийкарғы ўазыйпасы,  зорлық ҳәм зомбылықтан жәбир көрген, өз жанына қастыянлық етиўге бейимлиги болған ҳаял-қызларға аноним тәризде қыстаўлы медициналық, психологиялық, социаллық, педагогикалық, ҳуқықый ҳәм басқада жәрдемлер көрсетиў, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, соның ишинде, шаңарақлық машқалалар ҳәм турмыста зорлық ислетилиўине дуўшакер болған ҳаял-қызлардың ҳуқықларының кепиллигин тәмийинлеўге жәрдем бериўден ибарат. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ҳаял-қызлардың өз жанына қастыянлық етиў жағдайларын үйрениў, бундай жағдайлардың алдын алыў, оларды нормал турмысқа қайтарыўға жақыннан жәрдем бериў, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтке мүтәж ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды буннан шығарыў илажларын көриўден ибарат.

БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен жәрияланған 25-ноябрь Ҳаял-қызларға байланыслы зорлыққа шыдам бериў халықаралық күни мүнәсибети менен ҳәм Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды зорлық ҳәм зомбылықтан қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 16 күнлик акцияны өткериў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылды ҳәм оны әмелге асырыў бо­йынша жумысшы топар дүзилип, штаб шөлкемлестирилди.

Акция шеңберинде «Саламат шаңарақ-журт келешеги», «Бахытлы балалық», «Бахыт бериң ҳаялға, меҳир бериң», «Зорлықсыз шаңарақ-абадан турмысқа қарай» сүренлери астында түрли темаларда илажлар өткериў режелестирилген. Атап айтқанда, Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларындағы, қала ҳәм районлардағы «Социаллық бейимлесиў мәсләҳәтханалары»ндағы тынышсыз шаңарақлар ўәкиллери, қорғаў ордерин алған ҳаял-қызлар, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды медициналық тексериўден өткерип, руўхыятында анықланған машқалалар бойынша психологиялық қабыллаўлар енгизиледи. Аймақларда жас ҳаял-қызлар арасында «Гендер марафоны», орынларда «Атам, анам ҳәм мен-саламат, бахытлы шаңарақ» сүрени астында спорт жарыслары, билимлендириў мәкемелеринде «Заманлас-заманласқа» усылында «Қызларды шаңарақлық турмысқа таярлаўда нелерге итибар қаратыў керек?», «Толық бахыттың нормасы материаллық абаданлық па!», «Ибратлы шаңарақ қандай болыўы керек!» темаларында дөгерек сәўбетлери, тынышсыз, машқалалы шаңарақларда абадан турмыс тәризин жақсылаў мақсетинде, ажырасыў жағдайына келип қалған келин ҳәм қәйин енелер арасындағы маўасасызлықларға шек қойыў мақсетинде «Шаңарақ муқаддес», «Келинлик өнери-қәйин енелик шеберлиги», «Ибратлы қәйин ене (келин) өзинде қандай қәсийетлерди сәўлелендириўи тийис?» темаларында ушырасыўлар өткериледи.

Конференцияда акция шеңбериндеги илажларды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша жуўапкерлерге ўазыйпалар белгиленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF