ЖАҢА КӘРХАНА ИСКЕ ТҮСТИ
Жақында Хожели районындағы «Бунёдкор» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында альтернатив энергия ресурсын ислеп шығарыўшы жаңа кәрхана иске түсти.
Кәрхананың ашылыў салтанатына Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Қайыпназаров, район сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары ҳәм Корея Республикасынан келген мийманлар қатнасты. Келген мийманлар кәрхананың искерлиги ҳәм оның келешекте елимиз экономикасының раўажланыўына қосатуғын үлеси, ис көлеми бойынша кең түрде айтып өтти. Буннан соң келген мийманлар «FARMREGY» атамасындағы сырт ел кәрханасының пайдаланыўға тапсырылыўын салтанатлы түрде ашты. Атап өтилгениндей, бул кәрхана 1,2 гектар жер майданында жайласқан болып, оған туўрыдан-туўры шет ел инвестициясы есабынан 1,5 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржы сарпланды. Ол күнине 50 тонна, жылына 5000 тоннадан артық боян тамыр шығындысынан брикет (пилле) жанылғысының ислеп шығаралыўы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, кәрханаға Корея Республикасынан алып келинген заманагөй электр энергиясын үнемлеўши әсбап-үскенелер де орнатылды.
Және бир қуўанышлы тәрепи, бул жерде жасаўшы аймақ турғынлары ушын жаңа 20 жумыс орынлары жаратылды. Буннан соң келген мийманлар кәрхана искерлиги менен жаққыннан танысты.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.