«МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕР БАҒЫ» ЖАРАТЫЛМАҚТА
Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң шөлкемлестириўинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары «Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары шеңберинде Хожели районындағы аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, жумыссыз, турақ жайға мүтәж шаңарақлар жасайтуғын «Социаллық қалаша» әтирапында «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер бағы» жаратылды.
Онда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Хожели районы ҳәкимлиги Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан экологиялық партиясынан сайланған районлық Кеңес депутатлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий Ассоциациясы жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен жәми 200ге шамалас саяманлы терек, мийўе нәллери сатып алынып, аймақ турғынлары ушын жасыл аймақлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Хожели районындағы темир дәптерге киргизилген шаңарақлардың қыйтақ жерлерине мийўе нәллери отырғызылды.
Акцияның мақсети — тоғайларды кесиў ҳәм климат өзгериўи тәсирине қарсы гүресиў, адамларды бир мақсет әтирапында бирлестириў арқалы тереклердиң санын көбейтиў ҳәм оларды тәрбиялап өсириў мәселелерине итибарды тартыўдан ибарат болып, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң «Бир миллион терек» акциясы менен биргеликте қосып алып барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.