Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:21:27, 21.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘНЕ БИР ИМАРАТ БОЙ ТИКЛЕДИ

Усы жыл 22-ноябрь күни жойбар тийкарында 4 миллиард 185 миллион сум қаржы есабынан Жынаят ислери бо­йынша Бозатаў районы судының еки қабатлы имараты жаңадан пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа суд имаратының ашылыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды жанындағы судлардың жумысын тәмийинлеў департаментиниң директоры Б.Тешабоев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Конс­титуциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Бозатаў районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Қайпов, «Әмиў­дәрья махсус қурилиш» ЖШЖ баслығы Ж.Оллабергенов, тараў нураныйлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде судлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, судья ҳәм суд хызметкерлери ушын мүнәсип жумыс шараятларын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Илаж қатнасыўшылары районда бой тиклеген жаңа имаратта тараў қәнигелери ҳәм пуқаралар ушын жаратылған қолайлы шараятлар менен танысып, мәмлекетимиз басшының тараўға болған итибарын айрықша атап өтти ҳәм судьяларға әдалатты тәмийинлеўдеги жумысларында табыслар тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF