Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:22:35, 03.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎДАҒЫ ИЙГИЛИКЛИ ЖУМЫСЛАРҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Өткен жылларға нәзер салатуғын болсақ, елимизде қурылыс тараўында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде ҳәр бир аймақ өзгеше шырай ашып, абат  мәкан­ға айланбақта.

Әсиресе, социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде жаңа қурылыс, капитал оңлаў тағы басқа да көплеген объектлерде әмелге асырылған капитал оңлаў ҳәм реконструкция жумысларын атап өтиў орынлы. Әлбетте, булардың барлығы халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин арттырып, абадан турмыс кешириўинде әҳмийетли орын тутады.

Мине усындай тараўдағы исленип атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде жақында Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс минис­трлигиниң мәжилислер залында ғалаба хабар қураллары ҳәм тараў қәнигелери қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

 Илажды минис­тр  ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы А.Қурбанбаев ашты ҳәм усы жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ислениўи тийис болған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде айтып өтти. Сондай-ақ, қурылыстағы сапа ҳәм нәтийжелер бойынша қадағалаў инс­пекциясы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойынша аймақлық қадағалаў инспекциясының бу­йырт­палар менен ислеў бөлими баслығы С.Камалов, «Қала қурылысы ҳүжжетлери экспертизасы» мәмлекетлик унитар кәрханасы филиалының бас қәнигеси Р.Серимбетовлар  ҳәр қандай қурылыстың жойбар ҳәм смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткергенде нелерге итибар қарататуғынлығы ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен тараў жумысларын жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бир қанша қарар ҳәм пәрманлар қабылланып, бул бойынша анық ўазыйпалар белгиленген. Мине, усы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы барысында республикамыз аймағында  бир қанша жаңа объектлер қурып питкерилген болса, бир қатары ири оңлаў ҳәм қайта реконструкция жумыслары исленип пайдаланыўға тапсырылмақта.  

— Бүгинги күнде 2598 жойбар-смета ҳүжжетлери экспертизадан өткерилди. Экспертизаға усынылған жойбарлар бойынша улыўма қурылыс баҳасы 3 трлн. 506 млрд. сумды қурап, оларды талапқа сай муўапық­ластырыў, жойбарларда тийкарсыз көзде тутылған қаржыларды шығарып таслаў есабынан тийкарсыз артып кетиўиниң алды алынып, нәтийжеде 34,7 млрд. сум қаржы үнемлеп қалынды, - дейди «Қала қурылысы ҳүжжетлери экспертизасы» мәмлекетлик унитар кәрханасының Қарақалпақстан Республикасы филиалының бас қәнигеси Р.Серимбетов.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF