ЖЕҢИМПАЗЛАР СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Усы жыл 21-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлиги белсендиси» миллий таңлаўлары Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Р.Турдыбаева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, елимизде шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Таңлаў нәтийжеси бойынша «Жылдың ең белсенди ҳаялы» номинациясы ҳәм биринши дәрежели диплом менен Шымбай районынан Қундыз Қурбанова, «Өз кәсибиниң устасы болған жыл ҳаялы» номинациясы ҳәм екинши дәрежели диплом менен Хожели районынан Наргиза Примбетова, «Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы» номинациясы ҳәм үшинши дәрежели диплом менен Беруний районынан Айнура Уразова сыйлықланды. Сондай-ақ, Шоманай районынан Замира Алланиязова «Жылдың ең жақсы жанкүйер устазы», Елликқала районынан Диларам Айтбаеваға «Жылдың ең белсенди саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятшысы», Тақыятас районынан Орынгүл Ҳакимоваға «Жылдың ең күшли руўхыйлық-ағартыўшылық үгит-нәсиятшысы», Кегейли районынан Лариса Дошетоваға «Жылдың ең жақсы үй бийкеси», Нөкис районынан Рита Сармановаға «Жылдың ең жақсы Ўатанды сүйиўши ҳаялы», Нөкис қаласынан Айдын Даукееваға «Жылдың ең белсенди илимпаз ҳаялы» номинациялары тапсырылды.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Илаж қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.