Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:20:14, 03.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КЕЎИЛ САЯХАТЫ»НЫҢ ТӘСИРЛЕРИ

Усы жылдың ноябрь айын­да Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 28-майдағы 340-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы  «Нураныйлар»  қорының  баслығы Т.Абдижаббаровтың шөлкемлестириўи менен Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районының бир топар нураныйлары Бухара қаласына саяхатқа алып барылды.

Сая­хатшылардың  бири ретинде  нураныйлардың  бурын қулағы менен еситсе де, көзи менен көриўди әрман етип жүрген әпсанаўий 7 пирдиң мешит, медресе, мақбараларын өз көзлери менен көрип, саяхаттан  алған тәсирлери ҳаққында сөз етпекшимен.

Саяхатшыларды аман-есен апарып әкелиўде «Ақча көл Гравель» фирмасы хызметкерлери нураныйлардың кеўиллеринен шығып, хызмет еткенлигин айтып өтиў орынлы. Әсиресе, фирманың гиди (экс­курсоводы) Дәрманжан Назарованың нураныйлардың ҳәр бирине ҳүрмет-иззет  көрсетип, күлимлеген шырайы менен жасаған жыллы қарым-қатнасы, ҳәр бир тарийхый орынларға түсинерли дәрежеде берген мағлыўматлары нураный саяхатшылардың түсинигиниң қәлиплесиўине, руўхый байлығының артыўына унамлы тәсирин тийгизди.

Солай етип, нураныйлардың саяхаты әййемги ҳәм нәўқыран Бухараи-Шариф, яғный, «Шарапатлы қала»ға 15-ноябрь күни басланып,  «REIKORTZ   BAHOR» мийманханасына орналасып, түсленип болғаннан соң «Ҳәзирети Баҳаўаддин Нақшбанд» комплексине бардық. Комплекс ҳаққында сөз етпестен алдын «Шариф» сөзиниң мәнисине тоқтап өтпекшимен. «Шариф» сөзиниң мәниси — «Шарапатлы», яғный, Ислам дининиң орайлары әййемги дәўирлерде «Шариф» атамасы менен аталатуғын болған. Дүнья жүзинде 3 орын «Шариф» деп аталып,  буның бириншиси Мәкке Мадина, Кабатулла  болса, екиншиси Мазари Шариф, үшиншиси Бухара қаласы екен. XIX әсирде Бухарада 200ден аслам медресе болып, онда оқығанлар ислам тәлийматынан билим алып, питкергеннен соң халыққа ислам тәлийматын тарқатып, халық арасында әдеп-икрамлықты үгит-нәсиятлап, руўхый-ағартыўшылық жумысларын алып бар­ған. Комплекске баратырып автобуста орнатылған микрофон арқалы гид Дәрменжан Назарова комплекс ҳаққында мағлыўматлар берип барды.

Ҳәзир бизлер баратуғын комплексте Сайд Амир Кулол мақбарасы болып, ол кисиниң негизги аты Сайд Амир Калон болған. Ол ислам тәлийматын тарқатыўшы болыў менен бирге гүлалшылық пенен де шуғылланған екен. Сонлықтан, халық тәрепинен оған «Кулалшы» лақабы берилип, Саид әмир Кулол аты менен аталған. Саид Амир Кулолдың он төрт әўлийе халифалары болып, олардың ишинде ең жетиклериниң бири 7-пир Баҳаўаддин  Нақш­бандий болған. Баҳаўаддин Нақшбандийдиң негизги аты Муҳаммад Жалалиддин болған. Ол гезлеме нағыс салыў кәсиби  менен шуғылланғанлығы себепли «Нақшбанд» лақабы берилип, исми  Баҳаўаддин Нақш­бандий деп аталып кеткен. Айтыўларға қарағанда, Баҳаўаддин Нақш­бандий матаға нағыс салыў менен бирге инсанлардың кеўиллерине де нағыс сал­ған екен. Адам кеўлин бәҳәрге  теңеген, кеўилдиң кеўилден нәр алатуғынлығын, кеўли ҳақ, нийети пәк инсаннан ҳеш қашан жаманлық шықпайтуғынлығын, инсанның кеўли Аллада, қолы мийнетте болса, ол адамның ҳеш  қашан  кем болмайтуғынын өз рәўиятларында айтып өткен. Дийқаншылық пенен де шуғылланып, пискен қаўынын  басқа бир дий­қанға жегизип көргенде, ол дийқан мениң еккен қаўыным сениң қаўыныңа салыс­тырғанда мазалы, яғный, шийрин деп бәсекилескенде  Баҳаўаддин  Нақш­бандий: «Әлбетте, мийнеттиң мийўеси шийрин болады» деген екен.

 Сонлықтан, сизлердиң бүгинги зыярат саяхатыңызды «Кеўил саяхаты» деп атасақ, аталар қалай көре­сизлер? - деген  гид Д.Назарованың усынысы саяхатшы нураныйлар тәрепинен қол шаппатлаўлар менен қоллап-қуўатланды. Солай етип, бизлердиң Бухара қаласына саяхатымыз   «Кеўил саяхаты» деп аталды.

Баҳаўаддин  Нақшбандийдиң устазы 6-пир Сайд Амир Кулол болған. Баҳаўаддин Нақшбандий «Кимде-ким мени зыярат етпекши болса, алды бурын Сайд Амир Кулолды зыярат етсин» деген ўәсият қалдыр­ған екен, сонлықтан зыяратымызды Сайд Амир Кулол мақбарасынан басладық. Сайд Амир Кулолдың шаўлығы Шахҳобиддин тәрепинен жазылған  «Мәрҳәматлы  Амир Кулол» китабында көрсетилиўинше, Сайд Амир Кулол жас жигит (үйленбеген дәўиринде) қатарлары менен Ромитан районына барғанда үстиндеги шапанларын жуўып, қатарларына: «Шапанларды дийўал үстине жаймайық, ызғар менен дийўал уныраўы, терек шақаларына жаймайық, олар майысыўы, от-шөплердиң үстине жаймайық, олар жерге жабысып қалады» дегенде, қатарлары: «Амир, сиз шапаныңызды қалай кеўдиресиз?» деп сорағанда, Сайд Амир Кулол:  «Мен шапанымды үстиме таслап, әптапта отырып кеўдиремен, - деген екен.  —  Әй бирадарлар, пақса дийўалынан топырақ уныраса, терек шақасы сынса яки шарўа маллары жейтуғын от-шөплерге зыян жетсе қудадан нелерди үмит етемиз. Шәриятқа қарсы ислерди киши болса да ислемеңлер, киши гүна қайталана берсе үлкен гүнаға алып келеди» деген екен.

Саяхатымызды 16-ноябрь күни ески қаладағы «Арк-курган» комплексинен басладық. Бул жерде ханның мәресим өткеретуғын бөлмеси бар болып, ол жерде ҳәр қыйлы  салтанатлар, ойласықлар менен бир қатар Бухара ханын тахтқа отырғызыў мәресими өткерилген екен. Буннан соң Мир Араб медресесин зыяратладық. Қанлыкөл районына киндик қаны тамған Ешим ахун дәслеп усы Мир Араб медресесинде тәлим алған болса, соң «Кокал таш» медресесин питкерип, ислам тәлийматын халыққа тарқатқан руўхый-ағартыўшы болған. Ҳәзир Қанлыкөл районындағы мешит «Ешим-Мухаммед ахун» аты менен  аталып, урпақлары район аймағында жасайды.

Түстен соң саяхатымызды Сайд Амиралы ханның жазда дем алыў орны (дачасы) етип қурдырған Ситораи Мохи-Хосадан басладық. Сайд Амиралы хан жазда дем алыў орнын қай жерде қурған мақул болады дегенде, кеңесгөйлери қаланың төрт мушына сойылып териси сылынған қойды асып қойыўды мәсләҳәт  берген екен. Ҳәпте өткеннен соң қараса арқа тәрептеги асылған қойдың гөши бузылмағанлығы себепли жазда ханның дем алыў орны сол жерге қурылыпты. Бул дем алыў орнын екинши ҳаялының ҳүрметине Ситораи Мохи-Хоса деп атаған. Бул жерден 300 метр қашықлықта «Ситораи Мохи-Хоса» санаториясы жайласқан екен. Сайд Амиралы ханның  жазда дем алыў орны имараты бир қабатлы болса да, сырт­тан қарасаң еки қабатлы жайлардан бийиклиги қалыспайтуғын, бөлмелери кең ҳәм жақтылы екен. Би­йиклиги бәлент, неге десеңиз, ол жердиң ҳаўасы таза болар екен. Қайсы  тарийхый орынларға бармайық, дәрўаза ҳәм есиклер қалың ағаштан нағыс ойылып исленгенлигиниң гүўасы болдық. Дәрўазалардың  бийиклиги 1,5 метр, еки дәрўазаның узынлығы 2 метрге шамалас болса, қалыңлығы 15 сантиметрге шамалас, услап турған сүтин ағашлардың томпақлығы өз алдына.  Бул дәрўазаларды ўақтында еки адам биригип ашқан болса керек, деген ойға барасаң. Бөлмелерге қурылған есиклердиң де қалыңлығы сол тақылетте болып, нағыслар ойылған. Дәрўаза, есик ҳәм медресе, мешитлердеги ойып исленген нағысларды көрип, Бухара әййем заманнан  өнерментлер қаласы болғанлығына исеним пайда етеди.

Сайд Амиралы хан  жазда дем алыў орнында еки жыл ғана дем алған. 1920-жылы кеңес ҳүкиметиниң әскерлери тәрепинен қуўғын­ға ушырағанда ол бала-шағасы менен Аўғанстанға жасырын кашып кетиўге мәжбүр болғанда, имараттың 10 проценти зақымланып, соң қайта исленген екен.

Айтып кететуғын және бир нәрсе, гүз айының соңғы күнлери болыўына қара­мас­тан «Ситораи Мохи-Хоса» қорғаншасындағы бағда жасылға дөнип турған мийўе ҳәм саяманлы тереклерди, азадалықты көрип ҳәўесиң келсе, бағ ишинде түйетаўық сыяқлы саяхатшылардан үркип-сескен­бестен еркинше жайылып жүрген 20ға шамалас тоты қусларды көрип, тәсийин қалдық.

Еки күнлик «Кеўил саяхаты»мызда алған тәсирлеримизди ойлап, сүйикли Қарақалпақстанымызға жетип келгенимизди де билмей қалыппыз. Соның менен, қарақалпақстанлы нураныйлардың Бухара қаласына еки күнлик «Кеўил саяхаты» нәтийжели жуўмақланып, нураныйлардың қәлбинде өшпес из қалдырып, руўхый байлығын арттырды, десек асыра айтқан болмаймыз.

 

Палўанбай ДӘЎЛЕТМУРАТОВ,

Өзбекстан Журна­листлер аўқамының ағзасы.

СҮЎРЕТТЕ: саяхат қатнасыўшылары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF