Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:32:02, 03.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚҚА ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ЖЕҢИЛЛИК БЕРЕТУҒЫН ҲҮЖЖЕТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 9-сентябрь күнги «Энергияны үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм киши қуўатлы қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы талапларын орынлаў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қайта тиклениўши энергия дереклеринен кең түрде пайдаланыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин турмысқа енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 5-октябрь күни «Халықтың жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен ислеп шығарылған қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлимин компенсация етиў яки бөлип-бөлип төлеген жағдайда сатып алыў тәртиби ҳаққында»ғы қарары қабылланды.

Усы әҳмийетли ҳүжжетлердеги қағыйдаларда қуяш ҳәм самал электр станциясы қурылмасын сатып алыў ҳәм орнатыў қәрежетлериниң бир бөлимин компенсация етиў ямаса усы қәрежетлерди процентсиз бөлип-бөлип төлеў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылған қаржылар есабынан қор арқалы төмендеги шәртлер тийкарында әмелге асырылады:

а) қурылма муўапықлық сертификатына ийе болыўы;

б) қурылмадан Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланыўы;

в) қурылманы орнатыў платформа арқалы рәсмийлестирилиўи;

г) сатып алынған ҳәм орнатылған қуяш ҳәм самал электр станциясы қурылмалары ушын базалық есаплаў муғдарынан келип шығып, төмендеги муғдарда компенсация белгиленеди:

- 0,5 кВт дан 1 кВт ға шекем 7 есе;

- 1 кВт дан 1,5 кВт ға шекем 10 есе;

- 1,5 кВт дан 2 кВт ға шекем 15 есе;

- 2 кВт ҳәм оннан жоқары 20 есе;

- 5 кВт ҳәм оннан жоқары* 50 есе;

* тек ғана жаңа жерлерди өзлестириўдеги тик қудықларда орнатылған суў насосларының электр энергиясын тутыныўы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмалары арқалы тәмийинленгенде компенсация бериледи;

д) сатып алынған ҳәм орнатылған қуяш суў ысытыў қурылмалары ушын базалық есаплаў муғдарынан келип шығып, төмендеги муғдарда компенсация белгиленеди:

- суў ысытыў көлеми 100 литр 5 есе;

- суў ысытыў көлеми 200 литр 7 есе;

- физикалық шахслар тәрепинен қанша муғдарда қурылмалар сатып алыўына қарамастан, қуяш ҳәм самал электр станциясы қурылмалары ушын компенсациялардың максимал муғдары базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен суў ысытыў қурылмалары ушын компенсациялардың максимал муғдары базалық есаплаў муғдарының 7 есесинен асып кетпеўи керек;

е) процентсиз бөлип төлеў 5 кВт ға шекем болған қуяш ҳәм самал станциясы қурылмалары ҳәм де 200 литр ҳәм оннан пәс болған көлемдеги қуяш суў ысытыў қурылмалары ушын әмелге асырылыўы белгиленген.

Усы көрсетилген қағыйда талапларынан келип шығып, өзлериниң үйлеринде усы қурылмаларды орнатқанлар, электр энергиясын үнемлеўге үлесин қосып қалмай, шаңарағының дәраматын тежейди ҳәм мәмлекетимизге пайдасын тийгизеди.

Б.ЗАРИМОВ,

«Ўзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң Бас қәнигеси.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF