ХОЖЕЛИ: КЕМШИЛИКЛЕРДЕН ТИЙИСЛИ ЖУЎМАҚ ШЫҒАРЫЎ ТАПСЫРЫЛДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районының социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы «Саманкөл» пуқаралар жыйынындағы қурылыс жумыслары жуўмақланбаған «Айбек» шаңарақлық шыпакерлик пункти имаратының реконструкциялаў жумысларын барып көрди. Объектте реконструкциялаў жумыслары кешиктирилип атырғанлығы, усының ақыбетинде аймақ турғынларына сапалы медициналық хызмет көрсетиўде машқалалар жүзеге келгенлиги себепли жуўапкерлер ескертилди. Қурылыс жумысларының сапалы түрде жуўмақланыўын тәмийинлеў ҳәм кешиктирилген ҳәр бир күн ушын жаза шарасын белгилеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Хожели районы белсендилери, министрлик ҳәм шөлкемлер, райондағы мәкеме басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер сөз етилди.
Районда үйрениў жумыслары алып барылғанында бир қанша нызам бузыўшылық жағдайлары ҳәм қәте-кемшиликлер анықланған. Соннан, 13 ҳәким жәрдемшиси өз жумысына немқурайдылық пенен қарағанлығы себепли, ажыратылған кредит қаржылары мақсетсиз сарпланған ҳәм талан-тараж етилген.
Райондағы коммерциялық банклерде де кредит қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы жағдайлары анықланған. Ең ашынарлысы, Халық банкиниң районлық филиалы басқарыўшысы жумыссыз пуқаралар ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлер есабынан өзиниң атына кредит қаржыларын рәсмийлестирип, талан-тараж еткен. Сондай-ақ, билимлендириў, спорт, өнимлерди экспортқа шығарыў, аймақларды абаданластырыў, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, бюджет қаржыларын мақсетли жумсаў сыяқлы бир қатар тараўларда кемшиликлер сынға алынды.
Анықланған кемшиликлер бойынша Хожели районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, аўыл хәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, район ҳәкиминиң орынбасары — Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарларына интизамий жаза шаралары қолланылды.
Районлық суў тәмийнаты бөлими баслығы, Медицина бирлеспеси баслығы, мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы, Халық билимлендириў бөлиминиң баслығына интизамий жаза шарасы берилди. Халық банкиниң районлық филиалы баслығы менен ҳәким жәрдемшилери менен ислесиў орайының баслығы, 7-8-11-19-20-21-санлы балалар бақшалары баслықларының өз лаўазымларына ылайықлығы мәселесин қайта көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.
Буннан тысқары, Хожели районында қурылыс жумыслары талап дәрежесинде алып барылмаған. Инвестиция, «Абат аўыл» бағдарламалары ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар бойынша бир қанша қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болыўына қарамастан, айырым жумыслар орынланбаған. Буннан тысқары, мәжилисте сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң де қанаатландырарлы дәрежеде емеслиги атап өтилди. Өз гезегинде, райондағы социаллық тараўда алып барылып атырған жумыслар сынға алынды.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын қаратылып атырған итибар нәтийжесинде республикамызда алып барылып атырған ийгиликли ислерге де тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары менен бир қатар мәҳәллелердеги инфраструктура объектлерин жақсылаў белгиленген болып, соның ишинде, тек ғана Хожели районы бойынша 18 жойбарда 22 миллиард 911 миллион сумлық ишки жолларды реконструкциялаў, ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў ҳәм тартыў жумыслары алып барылады.
Мәжилис соңында быйылғы жылдың жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге жәми 18,7 миллиард сумлық қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.