ВАЛЕНСИЯНЫҢ ДУБЛИ
Бурын хабар бергенимиздей, екшемби күни Катарда футбол бойынша гезектеги жәҳән чемпионаты ойынлары басланды. Әжайып тәризде шөлкемлестирилген ашылыў мәресиминен кейин майданға чемпионат мезбанлары — Катар ҳәм океан артынан келген Эквадор сайланды командалары түсти.
«А» топарынан орын алған бул командалар Дохадағы «Ал-Байт» стадионында өз-ара күш сынасты. Стадионды толтырған 60 мыңнан аслам жанкүйер ҳәм телеэкран алдындағы миллионлап футбол ышқыпазы кескин беллесиўдиң гүўасы болды деп айта алмаймыз. Италиялы төреши Даниэль Орсато басқарып барған бул ойында тәжирийбе ҳәм шеберлик бәрибир өз сөзин айтты. Майдан ийелери — катарлы футболшылар өз жанкүйерлериниң көз алдында КОНМЕБОЛ ўәкилине жетерли қарсылық көрсете алмай, жеңилис дәмин татты. Ойынның 16-минутында Эквадор сайланды командасының ағзасы Эннер Валенсия жәрийма майданының ишинде өзине ислетилген қопаллық ушын белгиленген 11 метрлик жәрийма тобын Саад Аль-Шеб қорғап атырған Катар дәрўазасына анық жоллап, есапты ашты. Дурыс, ол буннан бурын да гол урған еди, лекин, ең соңғы технологиялар менен қуралланған VAR эквадорлы футболшылардың бири ойыннан тысқары жағдайда болғанын анықлап, голды бийкар етти. Түркияның «Фенербахче» клубында ойнайтуғын Валенсия 31-минутта Катар дәрўазасына екинши голды да жоллап, есапты 2:0 ге жеткерди.
Катарлы футболшылар қанша ҳәрекет етпесин, усы есап ойынның ақырына шекем сақланып қалды. Кеше сондай-ақ, Англия — Иран, Сенегал — Голландия, АҚШ — Уэльс ушырасыўлары болып өткен болса, бүгин футбол жанкүйерлери Аргентина — Сауд Аравиясы, Дания — Тунис, Мексика — Польша, Франция — Австралия жуплықлары ойынларының гүўасы болады.
Жигирма екинши мәрте өткерилип атырған бул жәҳән чемпионаты футбол тарийхындағы ең қымбат мундиаль болыўы күтилмекте. Оның сыйлық фонды 1 миллиард АҚШ долларын қурайды. 2018-жылы Россияда өткерилген жәҳән чемпионатының сыйлық фонды 719 миллион долларды қураған еди. Және бир факт, Франция сайланды командасының ҳүжимшиси, быйылғы «Алтын топ» ийеси Карим Бензема жарақаты себепли мундиальда өз командасына жәрдем бере алмайтуғыны мәлим болды.
С.ЖАНИЕВ.