Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:49:18, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКОЛОГИЯМЫЗДЫҢ ЖАҚСЫЛАНЫЎЫНА ҲӘММЕМИЗ ӨЗ ҮЛЕСИМИЗДИ ҚОСАЙЫҚ

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен республикамызда көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклердиң қорғалыўын нәтийжели шөлкемлестириў, қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық қадағалаў тараўындағы мәмлекетлик уйымлардың жумысларын муўапықластырыў бағдарында қабыл етилген қарар ҳәм пәрманларға муўапық бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў, аймақлардағы экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бойынша 2022-жылға белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде әмелий илажлар шөлкемлестирилмекте.

Биз усы ҳәм тараўға байланыслы басқа да ўазыйпалардың орынланыў барысы менен жақыннан танысыў ушын комитет баслығының биринши орынбасары М.Жоллыбеков пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

Мурат Бахтиярович, тараўға байланыслы қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўы, көклемзарластырыў илажлары қалай шөлкемлестирилмекте?

— Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-февральдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталықты қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 2021-жылдың жуўмағы бойынша есабатын Жоқарғы Кеңес сессиясында, район (қала)лық бөлимлериниң есабатларын район (қала)лық Кеңеслерде тыңлаў шөлкемлестирилип, алдағы ўазыйпалар белгиленип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Президентимиздиң басшылығында 2022-жыл 2-февральдағы шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм аймақлардағы экологиялық жағдайды жақсылаў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бо­йынша мәмлекетлик экология комитетиниң «Жол картасы»на муўапық арнаўлы илажлар белгиленип, быйыл бәҳәр мәўсиминде 8 мил­лион 951 мың түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилип, белгиленген реже 107 процентке орынланды.

Нөкис қаласында «Жийдели байсын» МПЖ аймағында 6 гектар майданда 5 мыңнан аслам катальпа, павловния, япон софорасы, қарағай, тут ҳәм акация нәллери, «Шымбай гүзары» МПЖ аймағында 2,7 гектар майданда 2047 түп мийўели, 3000 түп саяманлы терек нәллери егилди.

Нәл жетистириўге қәнигелестирилген питомник ҳәм нәлханаларда 3,6 миллион түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери, 5,4 миллион түп терек қәлемшелери таярланды.

— Усы бағдарда басқа тараўлар менен бирге ислесиў жолға қойылған ба?

— Шығындыларды таслаўды шөлкемлестириў, оның қоршаған орталыққа зыянын азайтыў әҳми­йетли мәселелердиң бири болып есапланады. Мәкеме, кәрханаларда усындай орынлардың шөлкемлестирилиўи мақсетке муўапық болып, зыянлы шығындылардың шашылып, ҳаўаның патасланыўының, әтирапқа тарқалып зыян тийгизиўиниң алдын алады.

Усы мақсетте,  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў, Халық билимлендириў ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў минис­трликлерине хат шығарылып, 2021-жылы ҳәм 2022-жылдың 9 айы даўамында орынларда жәми 1312 шығынды таслаў ушын арналған контейнерлер орнатылды.

Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 26-апрельдеги 259-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы реже талапларына муўапық, Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Қараөзек (1-лот), Төрткүл, Елликқала (2-лот), Қоңырат, Мойнақ, Шоманай (3-лот) районларында Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбары концепциялары ислеп шығылды.

Шығындылар менен ислесиўди шөлкемлестириў бойынша тендер өткериў ҳаққындағы дағазалар Мәмлекетлик экология комитетиниң https://www.eco.gov.uz, Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлигиниң https://pppda.uz веб сайтларына жайластырылды.

Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Қара­өзек, Төрткүл, Елликқала, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай районларының ҳәкимлерине МЖМШ жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде талапкерлерди анықлаў ушын усы жыл 5-август күни хат шығарылды. «Халқ сўзи», «Еркин Қарақалпақстан» газеталарында дағазалар берилди. Бүгинги күнде Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик  жойбарларын әмелге асырыў тилегин билдирген 7 исбилерменлик субъектиниң ҳүжжетлери қабыл етилди ҳәм тийисли шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.

Атмосфера ҳаўасын қорғаўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бирге ислесиў жолға қойылып, «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ кәрханасында «Жамансай» ашық кәни, ҳәктас ислеп шығарыў цехында пайдаланылып атырған тас майдалаў узеллеринде 4 дана шаң-газлерди услап қалыўшы үскенелер қайта оңланғанының нәтийжесинде тасландылардың муғдары 5,6 тоннаға азайыўына ерисилди.

Ал, «Титан цемент» ЖШЖ қоспа кәрханасының цемент ислеп шығарыў цехында 2 дана шаң-газлерди услап қалыўшы фильтр, 20 дана күлқап, ал басқа цехта 136 дана күлқап жаңасына алмастырылып, герметикалық жағдайы оңланғанлығы нәтийжесинде тасландылардың муғдары 16,6 тоннаға азайтылды. Сондай-ақ, атмосфераға тасландылар муғдарын 10  процентке шекем азайтыў мақсетинде кәрхана әтирапына 1 миллион 610 мың түп терек нәллери егилди.

Жер, суў ресурсларын қорғаўдың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде турақ жай коммунал хожалығы тәрепинен коммуналлық ақаба суў тазалаў қурылмаларының периметри бойлап санитариялық қорғаў зонасын шөлкемлестириў ушын быйыл бәҳәр мәўсиминде «жасыл қалқан» пайда етиў ушын 18448 түп терек ҳәм путақ нәллери егилди.

Жер астындағы суўлардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде пайдаланылған суўдың дәслепки есабын жүргизиў ушын журналлар қо­йылып, суўды есаплаў үскенелери орнатылды.

Егилген терек нәллерин суўғарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жумысшы топарлар тәрепинен өткерилген хатлаў бойынша абаданластырыў объектлерин суўғарыўда 1130 километрлик жап-салма, 91 насос, 37,3 километрлик суўғарыў қубырлары, 3 жер астындағы суўларды шығарыў қудығы ҳәм 28 дана арнаўлы суўғарыў техникаларының бар екенлиги, 731,6 километрлик жап ҳәм лотоклар тазаланғанлығы, 19 насос оңланып, жумысқа жарамлы етилгени анықланған.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң усы жыл 4-март күнги Мойнақ районы аймағында майданы 1,0 миллион гектарлық «Аралқум» миллий тәбият бағын шөлкемлестириў бойынша 93-санлы қарары, 27-сентябрьдеги майданы 280 мың гектарлық «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасын шөлкемлестириў ҳаққындағы 530-санлы қарары қабыл етилди.

Ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик экология комитети тәрепинен Төменги Әмиўдәрья биосфера резерватының ески ҳәкимшилик имараты жанынан еки қабатлы «Ташриф маркази» имараты қурылмақта. Қурылыс жумысларына 7 миллиард 30 миллион сумлық қаржы ажыратылған болып, саяхатшылар ушын тәбият музейи, кафе, мийманхана, бийиклиги 20 метрлик минаралар ҳәм заманагөй бағыў ханасын (вольер) қурыў жумыслары алып барылмақта.

— Экологиялық машқалаларға байланыслы келип түсип атырған мүрәжатлар, халық арасындағы үгит-нәсият жумыслары туўралы да мағлыўмат берсеңиз...

— Комитет тәрепинен быйыл аймақларда халық арасында өткерилген ушырасыўлар даўамында билдирилген пикир-усыныслар ҳәм халықты көп жыллардан берли қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған ҳәм әмелий илажларды өз ишине алған жумыслар күшейтилди.

Комитетке быйыл жәми 331 мүрәжат келип түсти. Соннан жеке ҳәм көшпели қабыллаўларда 87, жазба түрде 77 ҳәм электрон тәризде 167 мүрәжат келип түсип, үйренилип тийисли жуўаплары берилди.

Халық арасында экологиялық тәлим-тәрбия ҳәм үгит-нәсиятты күшейтиў мақсетинде телевидениеде 116, радиода 195 шығыўлар шөлкемлестирилди. Газеталарда экологияға байланыслы 32 мақала берилди.

Сондай-ақ, аймақтағы эколо­гиялық машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен кең жәмийетшиликти таныстырыў мақсетинде социаллық тармақларға 1182 материал жайластырылды.

— Жасыратуғыны жоқ, қоршаған орталықтың ҳәм ҳаўаның патасланыўына итибарсыз қарайтуғын кәрханалар да бар. Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде мәкеме ҳәм кәрханаларда қандай үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта! Усындай кәрханаларға тәсир шаралары көрилип атыр ма?

— Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ўәкили менен келисилген ҳалда 2 исбилерменлик субъектинде бес күнлик, 19 субъектте хабардар етилген ҳалда бир күнлик үйрениў ҳәм 1839 рейд ҳәм мониторинг тәртибиндеги қадағалаў жумыслары әмелге асырылды.

Қоршаған орталық мониторинги шеңберинде жәми 55 кәрханада, соннан, атмосфера ҳаўасын қорғаў бойынша 19, суў ресурсларын қорғаў бойынша 11, топырақтың патасланыўы бойынша 16 кәрханада инструментал усылда қадағалаў илажлары әмелге асырылды.

Усы объектлердиң 324 дәрегинен алынған 851 үлги бойынша өткерилген 2185 анализ нәтийжесинде, 46 дәректе шығынды (тасланды) муғдары белгиленген нормадан артық екенлиги анықланды. Тийисли тәртипте 10 кәрханаға 61,0 миллион сумлық компенсация төлеми есапланды.

Республикамызда он адамның бири қоршаған орталықтың қорғалыўына итибарсыз болған жағдайда да, тәбиятқа, ҳаўаның тазалығына үлкен зыян тийеди. Сонлықтан, барлық пуқараларымыздың, әсиресе, жаслардың экологияға, тәбиятқа болған қатнасын жақсылаў, оны абайлаў зәрүр екенлиги ҳаққындағы үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиўимиз керек.

Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап «Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары әмелге асырылмақта. Акция даўамында республикамыздың климат шараятына сәйкес келетуғын жәми 5 миллион 250 мың түп саяманлы терек, мийўе ҳәм путақ нәллерин егиў режелестирилген.

Бүгинги күнге келип 2 миллионнан аслам саяманлы терек, мийўе ҳәм путақ нәллерин егиў жумыслары алып барылды. Бул да тәбиятымызды сақлаўдың, экологиямызды жақсылаўдың ең утымлы жолларының бири болып оған көплеген мәкеме ҳәм шөлкемлер белсене қатнаспақта.

Республикамыздың экологиялық жағдайының жақсыланыўына ҳәммемиз өз үлесимизди қоссақ, тәбиятымызды келешегимиз ушын сақлап қалған боламыз.

СәўбетлескенӘ.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агент­лиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF