ШАҢАРАҚТЫ АЎЫЗБИРШИЛИККЕ ШАҚЫРАТУҒЫН БАҒДАРЛАМА
Шаңарақ-муқаддес даргай. Ол, ҳәр бир инсан өмиринде әҳмийетли орынды тутады. Соның ушын, бул қәстерли орында ата-ана перзентлерине тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасаўды үйретип, бир-бирине жақсы мүнәсибетте меҳир көрсетсе ҳәр тәреплеме наўқыран шахсты камалға жеткериўге ериседи.
Балалардың қәлби жүдә пәк болады, олар көргенине, еситкенине исенеди. Егер ата-ана, шаңарақта өзин услап билмесе, әдеп-икрамлылық бабында перзентлерине үлги болыў орнына, турпайы, қопал қатнас ислейтуғын болса, бул жағдай, баланың руўхый дүньясының қәлиплесиўине унамсыз тәсир етеди. Улыўма алғанда, шаңарақтағы тәрбия себепли перзент мийримли ҳәм кишипейил яки өзин ойлайтуғын менмен ямаса ҳүждансыз болып ержетиўи мүмкин.
Бүгинги күни, ата-аналар перзентлериниң келешеги ушын кәсип-өнер ҳәм де билим алыўы ушын жақсы устаз, муғаллим таңлаўға ҳәрекет етип атырғаны бизди қуўандырады. Перзентлеримизди өз елинде меҳир-мүриўбетли, пидайы, ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жәмийетте жасап атырған ҳәр бир ата-ананың миннетли ўазыйпасы болып табылады. Бул бағдарда, республикамызда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда,Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасының Орайлық Азиядағы аймақлық ўәкилханасы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликтеги шаңарақ көнликпелерин үйретиўге бағдарланған «Татыў шаңарақ» атамасындағы шаңарақ көнликпелери бойынша оқытыў бағдарламасы сынақ ретинде Мойнақ, Бозатаў ҳәм Қоңырат районларында өткерилип атыр.
Бул илаж БМШның Өзбекстандағы Арал бойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша Көп шериклик Траст қорының, оның раўажландырыў бойынша донорлары ҳәм шериклериниң қаржылай қоллап-қуўатлаўында «Жас өспиримлердиң денсаўлығы, аўқатланыўы, суў менен тәмийинлениўи, санитариясы, гигиенасы ҳәм руўхый жағдайын жақсылаў ҳәм COVID-19 пандемиясы ҳәм оннан кейинги дәўирде жаслардың потенциалын беккемлеў арқалы Қарақалпақстанның турақлы келешегине инвестиция киргизиў» қоспа жойбары шеңберинде әмелге асырылмақта.
Ең әҳмийетлиси, «Татыў шаңарақ» бағдарламасы ата-аналар ҳәм олардың 8-15 жас аралығындағы балаларына арналған болып, ол нәшебентликтиң, балалар ҳәм жасларға болған зорлықтың, жынаятшылықтың алдын алыўға, сондай-ақ, бала тәрбиясында ата-аналарда унамлы көнликпелерди раўажландырыўға ҳәм беккем шаңарақ қурыўға бағдарланған. Бул бағдарлама шеберлик пенен оқытыў ҳәм билим бериў арқалы шаңарақлардағы ушырасатуғын машқалаларды азайтыўға, келешекте ушырасыўы мүмкин болған машқалалардың алдын алыўға арналған болып, шаңарақлардағы ең жақсы қәсийетлерди көрсетиўге жәрдемлесиўши пикирлер ҳәм қуралларды өз ишине алады. Соның менен бир қатарда, ол балалардың раўажланыўын қоллап-қуўатлайды, бул өз гезегинде олардың минез-қулқындағы ҳәм олардағы эмоционаллық машқалалардың азайыўына алып келеди.
Қоспа жойбардың исши жобасына муўапық, бүгинги күнде жергиликли қәнигелер Республикамыздың Бозатаў районында 400 шаңарақ ағзалары ушын «Татыў шаңарақ» бағдарламасы бағдарында оқытыў ҳәм шынығыўлар өткериўди шөлкемлескенлик жағдайында алып бармақта. Усы жылдың май, сентябрь, октябрь айларында райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде ата-аналар ҳәм олардың перзентлери ушын тренинг шынығыўлары алып барылды. Ең әҳмийетлиси, бул шынығыўларда 49 шаңарақтың ата-аналары турақлы ҳәм белсендилик пенен қатнасты.
Итибарлысы, биз қатнасқан «Балаларды түсиниў, мақтаў ҳәм хошаметлеў» атлы темадағы шынығыў ўақтында оқыўшылар менен ата-аналар арасында қызықлы ойын өткерилип, мазмуны байытылыўына ерисилди. Биз ата-аналар менен сәўбетлесип, бағдарламаның әҳмийети туўралы пикирлестик.
Гүлмира Жарылқағанова усы мектептиң 7-класс оқыўшысы Гүлхатийша Мақсетованың анасы: — Алдынлары қызым жоқ жерден кемшилик таўып, урысқысы келип, ишимдегини тап дегендей, бизлер менен ашық сөйлеспес еди. «Татыў шаңарақ» бағдарламасы басланғаннан қызым менен бирге қатнай басладым. Нәтийжелер айрықша, қызым жақын сырлас қурдасыма айланды. Өзиниң ой-пикирлерин бөлиседи. Қандай да бир жумысты бирге ислеймиз. Қызымның минез-қулқы унамлы тәрепке өзгерип, сабақларынан айрықша баҳалар алып қайтпақта. Химия, алгебра пәнлерине қызығады. Қыз бала болыўына қарамай, футбол ойнаўды унатады. Келешектеги әрманы шыпакер болып, халыққа хызмет етиў. Бағдарлама шынығыўларын шеберлик пенен өтип атырған муғаллим Замира Серимбетоваға ата-аналардың миннетдаршылығы шексиз. Ең баслысы, ата-аналар ҳәм перзентлер арасында беккем қарым-қатнас орнатылып атырғанлығынан миннетдармыз. Балаларымыз бенен ҳәр бир тренинг сабақларына қатнасыўға асығамыз. Шөлкемлестириўшилерге ата-аналар атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Дилбар Ҳабибуллаева, 7-класс оқыўшысы Балнур Қоңырбаеваның анасы: — Өзим мийирбийке болып ислеймен. Өзиңиз билесиз, биз ҳаяллар үй жумыслары, қала берди жумыс басты болып, перзентлеримизге аз ўақыт ажыратып атырғанымызды гейде сезбей қалар екенбиз. «Татыў шаңарақ» бағдарламасының туңғыш шынығыўынан баслап, өмирден артта қалған екенбиз, деген пикирге келдим. Себеби, шынығыўлар барысында перзентлеримиздиң қуўаныштан көзлери жанып турғанлығын байқадым. Қызым Балнур тигиўшилик ҳәм шыпакерлик кәсибине қызығады. Қасымда жүрип, дәслепки медицина мәденияты, саламат турмыс тәризи көнликпелеринен билимин асырып атыр. Наўқасларға укол салыўды үйренип алды. «Татыў шаңарақ» бағдарламасы шеңберинде өткерилип атырған тренинг ҳәм шынығыўлар пайытында шаңарақ мүнәсибетлеринде кемшиликлеримиз барлығын аңлап, көзимиз ашылды. Балаларымызға көбирек ўақыт ажыратып, мийрим-шәпәәт бериўимиз кереклигин аңлап жеттик. Шөлкемлестириўшилерге ата-аналар атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Бозатаў районындағы 7-санлы мектептеги «Татыў шаңарақ» бағдарламасы тийкарында өтилип атырған шынығыўлар ата-аналар менен перзентлери арасында көпир ўазыйпасын атқармақта. Ҳәр бир шынығыў байрам руўхында, қызықлы өтип атырғаны буның айқын мысалы.
Қонысбай РЕЙМОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Бозатаў районы.
СҮЎРЕТТЕ: тренинг барысынан көринис.