Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:12:36, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАЛАНТЛЫ ЖУРНАЛИСТЛЕРДЕН САЎҒА

Узақ жыллар даўамында газетамызда мийнет етип, халқымыздың иззет ҳүрметине бөленген бүгинги күнде мийнет ветераны, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратованың қәлеми менен көпшилик жақсы таныс.

Ол ислеген дәўиринде елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы, медицина, билимлендириў тараўларындағы жаңаланыўларды ҳәм  кемшиликлерди сынға алып, жәмийеттеги ҳәр қандай маш­қалаға өз пикирин билдире алатуғын талантлы журналист, өткир қәлем ийеси. Мийнет демалысында болыўына қарамастан дөретиўшиликтен қол үзбей соңғы жыллары оның турмыстан терең түйингенлерин қағазға түсирип, изли-изинен бир неше китаплары баспадан шығып, дөретиўшиликке жаны қумар китап оқыўшыларының ҳәм жасларымыздың руўхый санасын байытыўда хызмет етпекте.   Жақында Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапханасының киши залында журналисттиң усы жылы «Билим» баспасынан жарыққа шыққан «Саған өтирик, маған шын» атамасындағы, сондай-ақ,  және бир талантлы журналист Арыўхан Турекееваның «Шүкиршиликте гәп көп» атлы гүрриң ҳәм повестьлери қамтылған жаңа китапларының  таныс­тырыў кешеси болып өтти.

 Илажда сөзге шыққан Қарақалпақстан журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы К.Реймов, филология илимлериниң докторы, профессор З.Бекбергенова ҳәм Т.Машариповалар қәлем ийелериниң китаплары ҳаққында өзлериниң унамлы пикирлерин билдирип өтти. Атап өтилгениндей еки бирдей қәлем ийесиниң шығарма қаҳарманлары турмыстан алын­ғанлығы ҳәм оларда сөз етилген ўақыялар инсан өмиринде ушырасып атырған унамлы ҳәм унамсыз қаҳарманлар образларын әпиўайы тил менен жеткериўдеги шеберлиги, сондай-ақ, оқыўшыға ой салып терең тәсир қалдырыўы менен мақтаўға ыла­йықлы.

— Мен өзим ишки дебдиўлеримди қосық қатарларында сәўлелендирип, поэ­зия менен шуғылланаман. Бүгин мен ушын тарийхый күн болды десем қәтелеспеймен. Устазларымыз бенен сәўбетлесип, олардың шығармаларын оқыўға қызығыўшылығым артып, проза жанрында да қәлем тербетиўди кеўлиме түйип қойдым,- дейди НМПИның Баслаўыш тәлим бағдарының 3-курс студенти  Г.Байниязова.

Илажда китап авторлары қызықлы ҳәм мазмунлы сораўларды берген жасларға китаплар саўға етти.

 

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF