Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:51:22, 03.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ АЙЛЫҒЫ» БАСЛАНДЫ

Елимиз бойлап айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усы жыл 15-ноябрь 15-декабрь күнлери аралығында өткерилетуғын «Өрт қәўипсизлиги айлығы» басланды.

Усы илаж шеңберинде бул дәўирде республикамызда Айрықша жағдайлар басқармасы, Турақ жай ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, «Қарақалпақ электр тармақлары аймақлық кәрханасы» АЖ, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатаў минис­трлиги, Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети аймақлық басқармасы, «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» ГТФ, район, қала ҳәкимликлери ҳәм басқа да тийисли мәкемелер менен биргеликте көп қабатлы турақ жайларда, жеке меншик үйлерде, социаллық тараў объектлеринде, сондай-ақ, өндирислик кәрханалар, базарлар, ири саўда комплекслери ҳәм халық көп топланатуғын басқа да орынларда өртлердиң келип шығыўының алдын алыў мақсетинде кең көлемли үгит-нәсият жумыслары және де басқа арнаўлы илажлар әмелге асырылады.

Бүгин Нөкис қаласының орайлық мәкан пуқаралар жыйынларының тур­ғынлары, тийисли министрлик, шөлкем ҳәм мәкемелердиң басшылары ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында айлық шеңбериндеги дәслепки көргизбели илаж өткерилди.

Онда тийисли қәнигелер  шаңарақлардағы, соның ишинде, көп қабатлы турақ жайлардағы электр, газ ҳәм ыссылық тәмийнаты қурылмалары, ысытыў қазанлары, морылар ҳәм самаллатыў системаларының жағдайы қандай болыўы керек екенлиги, кемшилик болса дәрҳал тийисли хызметлерге, қыс-гүз айларында ошақ ҳәм морыларға хызмет көрсетиўге қәнигелескен шөлкемлерге хабарлаў зәрүрлигин атап өтти.

Өзимизде ислеп шығарылып ямаса сатып алып келинип атыр­ған, өрттиң алдын алыў бойынша ҳәм бас­қа да талапларға толық жуўап беретуғын, сондай-ақ, электр энергиясы, ишимлик суў, газди үнемлеў мақсетинде ислеп шығарылған, ысытыў қазанлары, горелкалар сыяқлы заманагөй қурылмалар да халықтың абаданлығы, қәўипсизлиги ушын хызмет етеди. Илажда усылар ҳаққында да кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде пуқараларымыздың энергия ресурсларына болған талабы артып бармақта. Солай екен, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ысырап болыўына жол қоймаў, ең баслысы қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр биримиздиң инсаныйлық ўазыйпамыз саналады.

Соның ишинде, бүгинги күнде «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен халық арасында тәбийғый газди үнемлеў, энергия үнемлеўши газ үскенелеринен пайдаланыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, энергия үнемлеўши үскенелер, яғный газ горелкалары айлық газ жумсалыўын 40-45 процентке үнемлейди.

Мәселен, Нөкис қаласында жәми 74 мыңнан аслам жеке хожалық тәбий­ғый газ тутыныўшылары есапланады. Солардан 47 мың 125 и жер жайларда, ал 27 мың 132 си көп қабатлы турақ жайларда жасайды.

Усы хожалықлардың ҳәр биринде бир күнде кеминде 1 куб метр газ үнем­ленсе, 74 мың куб газ үнемленеди. Бир айда 2 млн. 227 мың 710 куб газдиң үнем­лениўине ерисиледи.

Сонлықтан, жер жайларда жасаўшы хожалықлар өзлериниң турақ жайларында заманагөй газди үнемлеўши горелкалардан пайдаланыўы усыныс етиледи.

Илажда қатнасыўшылар арнаўлы өрт өшириў техникалары, заманагөй қурылмалар, үскенелер менен таныстырылып, олар туўралы мағлыўматлар берилди. Пикир-усыныслар билдирилип,  қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF