ҚАЛАЛЫҚ БАСҚЫШТЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ
«Адолат» социал-демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция билимданы» таңлаўының қалалық басқышы болып өтти.
Жаслардың ҳуқықый ҳәм сиясий билимин жетилистириў, оларды Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлерине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жаслардың келешекке болған исенимин арттырыў ҳәм қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўда қалалық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс ҳәм академиялық лицейлердиң екинши курс оқыўшылары қатнасты.
Қатнасыўшылар өзлерин таныстырыў, сораў-жуўаплар, «Партия мениң көзқарасымда» деген үш шәрт бойынша өзлериниң билимлерин көрсетти. Төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Сайлаў Кодекси» бойынша билимине, сахна мәдениятына ҳәм сөйлеў шеберлигине айрықша итибар қаратылды.
Таңлаў жуўмағында Нөкис қаласындағы 47-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Аллабай Турсынбаев биринши, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицейдиң оқыўшысы Шухрат Базарбаев екинши, 10-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ақмарал Қалбаева үшинши орынларды ийеледи.
Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орынлардың ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.