Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:10:46, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙНЕТ КОДЕКСИ: ҚОСЫМША ЖЕҢИЛЛИК ҲӘМ ИМКАНИЯТЛАР

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине бағышланған семинар болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Сенат ағзалары, министрликлер, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев кирис сөз бенен ашты.

Буннан кейин Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары З.Ибрагимова, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов, Сенаттың Арал регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.Мухитдинов шығып сөйлеп, жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине, сондай-ақ ондағы жеңилликлер менен имканиятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде мийнет қатнасықларына жаңаша қатнас жүзеге келди. Мүлк ийелери ҳәм ис бериўшилердиң саны кескин артты. Булардың барлығы мийнет базарында да жаңа реформаларды талап етеди.

Бундай шараятта мийнет нызамшылығын модерниза­циялаўға байланыслы ўазыйпаларды әмелге асырыў дәўир талабы болып табылады. Усы жағынан жаңа Мийнет кодексиниң жойбары ислеп шығылды  ҳәм бул процессте оннан аслам халықаралдық шөлкемниң, атап айтқанда, халықаралық мийнет шөлкеминиң бир қатар конвенциялары, алпыстан зыят мәмлекеттиң тәжирийбеси үйренилди.

Жаңа кодексте хызметкерлердиң жеке мағлыўматларын қорғаўға бағышланған нормалар киргизилди. Усы нормалардың әмелге асырылыўы хызметкерлердиң жеке мағлыўматларының қол қатылмаслығына болған нызамлы ҳуқықларын толық қорғаў имканиятын береди. Сондай-ақ, мийнет ҳақы менен дем алыстың юелгили бир бөлегин бериў тәртиби белгиленди. Бул болса, экстремал жағдайларда, соның ишинде, пандемияға қарсы илажларды әмелге асырыўға бейимлескенликти тәми­йинлейди.

Алдынлары Мийнет кодексине муўапық, жыллық тийкарғы  дем алыс мүддети он бес жумыс күнин қурайтуғын еди. Жаңа тәртипке муўапық, жыллық тийкарғы мийнет дем алысының даўамлылығының ең аз мүддети жигирма бир календарь күни етип белгиленди ҳәм халықаралық стандартқа муўапықластырылды. Жаңа кодексте хызметкер ҳәм жумыс бериўшиниң ҳуқық ҳәм миннетлери  толық жәҳән стандартларына бейим­лестирилген ҳалда белгилеп берилгенлиги атап өтилди.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораў­ларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF