Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:10:47, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨК КӨЙЛЕКХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МИЛЛИЙ БАЙЛЫҒЫ

Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәде­нияты мәмлекетлик музе­йинде «Қарақалпақтың миллий кийими — көк көйлек» атамасында ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги қарарында халқымыздың миллий кийими — көк көйлектиң материалын қайта тиклеў ҳәм ислеп шығарыўды жолға қойыў, оның тийкарғы нусқасынан хабардар өнерментлер менен ушырасыўлар шөлкемлестириў ўазыйпалары белгилеп берилген еди. Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөл­кемлестирилген илажда өнерментлер Гүлжаҳан Заримова ҳәм Ҳүрлиман Қуўанышбаевалар көк көйлек миллий кийими ҳаққында мағлыўмат берип, өзлери кес­телеген көк көйлеклерин тамашагөйлердиң итибарына усынды.

Музейдиң баспасөз хызметиниң мағлыўмат бериўинше, бүгинги күни музейде сақланып атырған көк көйлек XIX-XX әсирлерге тийисли. Оны мойнақлы Несийбели Нәжимова тиккен. 1990-1991-жыллары Несийбели апаның қызы көк көйлекти музейге тапсырған. Ҳәзирги ўақытта көйлек көшпели көргизбе қурамында Францияның миллий музейлериниң биринде көргизбеге қойылған.

— Айырым дәреклерге қарағанда, жәмийетте матриархат дәўири ҳүким сүрип турған дәўирде ҳаял-қызлар урысқа, аң аўлаўға баратуғын болған. Патриархат дәўири басланғаннан кейин ҳаяллар үйинде отыратуғын болғанлықтан саўашларға кийген көк көйлеклериниң үстине нағыс кестелеп, үйде кийиўге ықшамластырып алған. Сола­йынша саўыт кийимнен көк көйлек пайда болған, деген мағлыўматлар бар. Көк көйлекти тигиўден алдын оның таўарына бөзди қосып тоқыған. Оннан соң ҳәр қыйлы өсимликлерди қайнатыў нәтийжесинде көк рең шығарылып, боялған. Қайнатыўдың да өз алдына усылы болған. Таўарға нағыс тоқылғанда саўыттың үстиндеги нағыс избе-излиги менен айландырып шығыл­ған. Сол ушын көк көйлектиң саўыт липасы деген де атамасы бар, -дейди өнермент Ҳүрлиман Қуўанышбаева. — Бүгинги күнде дизайнерлер көк көйлектиң формасын өзгертип, заманагөйлестирип атыр. Мениңше, олар қарақалпақ миллий нағысларын өзгертпестен пайдаланыўы ямаса толық заманагөй усылдан пайдаланыўы керек. Себеби, музейлеримизде орын алған миллий көк көйлеклеримиз келешек әўладларымызға өз ҳалында жетип бармаўы мүмкин. Бүгинги күнде қарақалпақ халқының 4 типтеги 64 нағысы ғана сақланып қалған. Көк көйлектиң XVII-XVIII әсирлерде қолда тоқылған 9 нусқасы болып, соның төртеўи Қарақалпақстанда сақланбақта. Ал, қалған бесеўи Россия Федерациясында, Франция ҳәм Италия мәмлекетлеринде сақланып келмекте. Қарақалпақ халқының миллий нағыслары техникасы жағынан түркмен хал­қының нағысларына уқсас болып келеди. Айырмашылығы түркмен нағысларында сары, ақ, көк реңлер, ал, қарақалпақ халқында қызыл, жасыл, сары реңлерден көп пайдаланылады.

Ушырасыў даўамында жый­нал­ғанлар өзлерин қызықтыр­ған сораўларына жуўап алды.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF