Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:28:57, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАЙТАХТЫМЫЗДА ТЕРЕК ЕГИЎ МӘРЕСИМИ

10-11-ноябрь күнлери Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәмлекет басшыларының «Түркий цивилизацияның жаңа дәўири: улыўма раўажланыў ҳәм абаданлыққа қәдем» темасындағы мәжилис шеңберинде бир қанша илажлар өткерилиўи режелестирилген еди.

Түркий мәмлекетлер жетекшилери Самарқандтағы Регистан майданы жанындағы қыябанда терек екти. Терек егиў мәресими Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Түркменстан ҳәм Вен­грия пайтахтларында, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болып өтти.

Мәресим пайтахтымыз Нөкис қаласында да өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, депутатлар, министрлик ҳәм шөлкем, жоқары оқыў орынлары басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери де қатнасып, «Истиқлол» балалар дем алыў бағындағы ажыратылған майданға терек нәллерин отырғызды.

Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз бойынша «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары көрип шығылып, усы жылдың 20-октябрь сәнесинен 1-декабрь күнине шекем терек егиў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди. Усыған тийкар Қарақалпақстан Республикасының барлық орынларында улыўма миллий жойбар шеңберинде жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Болып өткен илаж да шын мәнисинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилип атырған қайырлы ислердиң даўамы болды десек, алжаспаған боламыз.

Қ.Х.А.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF