Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:22:32, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМСЫЗ АЙЛАНЫСТАН АЛЫНҒАН ТОВАРЛАР ЖОҚ ЕТИЛДИ

Бажыхана уйымлары тәрепинен контрабандалық товарлардың бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекет етиўи ҳәм ишки аймақларда нызамсыз айла­ныста болыўының алдын алыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бажыхана рәсмийлестирилиўине усынылмаған ҳәм сапасын кепиллеўши ҳүжжетлерге ийе болмаған айырым түрдеги товарлар белгиленген тәртипте рәсмийлестирилип, алып қойылыўы ҳәм тийисли жағдайларда суд қарарына тийкарланып жоқ етилиўи белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен басқа жуўапкер уйымлар менен биргеликте бажыханашылар тәрепинен алып қойылған ҳәм суд қарарына тийкарланып жоқ етилиўи белгиленген 43 дана диний мазмундағы әдебият, 12800 дана сим карта, 334 дана электрон темеки өнимлери ҳәм 113 литр виски спирт­ли ишимлиги ҳәм 10 литр спирт жоқ етилди.

— Бул илаж Мәжбүрий орынлаў бюросы, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы, Бажыхана басқармасы ҳәм басқа да жуўапкер мәкемелердиң ўәкиллериниң қатнасыўында әмелге асырылды,-дейди бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының аға инспекторы Юлдуз Қудиярова. — Нөкис қаласында өткерилген илаж даўамында усы товарлардың бажыхана уйымлары хызметкерлери тәрепинен мәмлекетимиз аймағына кирип келиўи ҳәм ишки аймақта нызамсыз айланыста болыўының алды алынып, тергеў  уйымларына жиберилген товарлар суд қарарына муўапық белгиленген тәртипте жоқ етилди.

Басқарма тәрепинен усы бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF