Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:06:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРҒА ЖАТ ИДЕЯЛАРҒА ҚАРСЫ ТҮСИНИКЛЕР БЕРИЛДИ

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик инс­титутында жаслар ушын «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» темасында илаж өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бас­қармасы, «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешити, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қәнигелери, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасқан илажда диний экстремизм ҳәм нәшебентликтиң ая­нышлы ақыбетлери, бул жынаятлардан сақ болыў ҳәм оның алдын алыў бо­йынша пикир алысылды.

Қәнигелердиң пикирине қарағанда, ҳәзир экстре­мизм­ниң ҳәр қыйлы көринислерин үгит-нәсиятлайтуғын мыңнан аслам сайтлар жумыс алып бармақта. Интернетте сәўбетлесиў арқалы жасларға жат идеялар сиңдирилип, олар әскерий соқ­лығысыўларға ҳәм ҳәр қыйлы келиспеўшиликлерге тартып алынбақта. Нәшебентликти ен жайдырып, жаслардың санасын бузыўға урыныўлар байқалмақта.

Илаж даўамында бундай жағдайлар болғанда сергекликти жоғалтпай, ҳәмийше итибарлы болып жасаў ҳаққында мәсләҳәтлер берилди. Ҳәр қыйлы ўақыялар менен турмыслық мысаллар келтирилди.

— Оқыған мағлыўматларым бойынша бүгинги күнде терроризмге қарсы гүресиўде елимиз АҚШ, Россия, Қытай, Орайлық Азия мәмлекетлери менен нәтийжели бирге ислесип келмекте, -дейди Нөкис кәншилик институтының 1-курс студенти Роза Садўақасова. — Жәмийетимизде диний экс­тремизм ҳәм терроризмниң нәшебентликтиң алдын алыў бағдарындағы профилактика ҳәм түсиндириў илажлары биз жаслардың олар ҳаққында көбирек мағлыўматқа ийе болыўымызды тәмийинлейди. Бул илажда да бизлер диний экстремизм ҳәм нәшебентлик ҳаққында және де көбирек билип алдық.

Илаж соңында студентлерди қызықтырған сораўларға кең түрде түсиниклер берилди.   

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF