ТАЛПЫНЫСҚА ЖЕТЕЛЕГЕН ЖОЛЛАР...
Дүньяда бахытлы ҳәм мазмунлы турмыс кешириўди, өзинен кейинги әўладларға мүнәсип ат қалдырыўды әрман етпейтуғын инсан болмаса керек.
Усындай жақсы нийетлерди әмелге асырыўды өзиниң адамгершилик парызы деп түсинген ҳәр қандай инсан өзиниң жаратыўшылық ислери, ағла пазыйлетлери, таңлаған кәсибиндеги ылайық мийнетлери арқасында ел-халықтың ҳүрмет-иззетине бөленип жасайды десек асыра айтқан болмаспыз. Жақсының жақсылығын айтыў бурыннан әдетке айланған. «Уяда нени көрсең, ушқанда соны ислейсең» дегениндей, адамның жасаған орталығына, шаңарағына көп нәрсе байланыслы. Қараөзек районындағы көп балалы үлгили шаңарақлардың бири саналған Кеңесбай аға зайыбы Дәмегүл менен он перзентти тәрбиялап, оқытып, үйли-жайлы етти. Ортаншы қызы Базаргүлдиң жаслайынан медицина тараўына ыңғайлы екенлигин сезип, оған айрықша кеўил бөлип, қоллап-қуўатлады. Және де әкесиниң жийи-жийи: «Қуда қәлесе, қызым доктор болады, аўылға бир доктор керек, аўырсақ өзи емлейди» - деген гәплери де түртки болып, мектепти тамамлаған соң ҳүжжетлерин Нөкис медициналық училищесине тапсырады. Өзиндеги инта, ата-анасының шын ықласы менен айтқан тилеклерин жүзеге шығарып, оқыўын тамамлап, туўылып өскен аўылына орта буўын медицина қәнигеси болып қайта оралады.
Солай етип, 1995-жылы мийнет дәптершесиниң дәслепки бети ашылып, оған Қараөзек районлық бирлеспесинде патронаж мийирбийке жазыўы мөрленеди. Жумысын баслаған жас қәниге дәслеп сол жердеги тәжирийбели шыпакерлерге шәкирт түсип, көп өтпей шаққанлығы, зийреклиги, тийкарғысы, қолы жеңиллиги менен тилге түсти. Соңынан 2002-жылдан баслап Қараөзек районына қараслы туберкулёзге қарсы гүресиў диспансеринде жигирма жылдан аслам ўақыт мийирбийке болып мийнет етти. Айтар аўызға аңсат, зымыраған жыллар инсанды түрли жолларда сынап көреди. Базаргүл де жары жолда өмирлик жолдасынан айырылып, албыраса да өзин қолға алып, жығылмады. Өмирде турмыс соқпақлары инсанды қай мәнзилге жетелемейди дейсең!! Күтилмегенде кеўлине жақсы нийет түйип, үш перзентин изине ертип Нөкиске қоныс өзгертти. Соннан берли Нөкис қаласындағы ғ-санлы Республика фтизиатрия емлеўханасында I бөлимниң үлкен мийирбийкеси болып ислеп, кеселликтиң зардабы жанына батып, медиклерден мәдет күтип жатырған наўқасларға дәри-дәрмағы, жыллы сөзи менен шыпа берип, өз миннетли ўазыйпасын минсиз атқарып келмекте. Денсаўлық гүзетинде ўақыт пенен санаспайтуғын ҳәм ўазыйпасына жоқары жуўапкершилик пенен қарайтуғын жоқары категориялы мийирбийке Базаргүл апаны бүгинлиги кәсиплеслери, шәкиртлери әпиўайы, бирақ, талапшаң мийирбийке сыпатында ҳүрмет етеди. Оның бундай ҳүрметке бөлениўи мийнет сүйгишлиги, билими, пидайылығы арқасында екенлиги мәлим. Ол турмыстың түрли аўыр сынақларына дусласса да, кеўлине түйген пәк арзыў-нийетлери оған күш-жигер бағышлап, алға қарай умтылдырды. Ашық кеўил Базаргүл апа менен гүрриңлесер екенбиз, оның таңлаған кәсибине деген өзгеше меҳрин толып-тасып айтқан гәплеринен, пикирлеринен аңлағандай болдық.
— Кәсибимди жақсы көремен. Сонлықтан ба, ҳеш налыған жерим болмады. Кишкенелигимнен-ақ ақ халат кийген шыпакерлерге ҳәўесим келетуғын еди. Усы ҳәўес мени медицина тараўына жетеледи. Турмыс, перзентлер тәрбиясы албыратқан пайытлар болды. Адамда сабыр болса бәринен де шығысады екенсең. Енди, басқа тараўлар сыяқлы медицина тараўында да өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип, күн сайын раўажланбақта. Барлық емлеў орынлары заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Және бир айтайын дегеним, муғаллим сабақ пайытында қәтелессе оны тахтада дүзетиўи мүмкин, бирақ, биз қәтеликке жол қойыўға ҳақымыз жоқ. Себеби, бизиң азғана алжасығымыздың өзи орны толмас өкинишке алып келиўи турған гәп. Соның ушын, бизлер мудамы изленисте болып, билимимизди жетилистирип барыўымыз шәрт,-дейди Базаргүл Асанова.
Ҳақыйқатында да, қайсы бир тараўда да жумыс бабында саўатлы, өз исиңе пуқта, салмақлы болсаң утарың көп. Әлбетте, ҳаялдың бахты оның шаңарағында, дейди. Өмириниң мазмунына айланған перзентлерине ҳәм ата, ҳәм ана болып камалға келтирди. Туңғышы Насийҳатты қутлы жерине қондырып, шийриннен-шекер ақлықлардың меҳрибан апасына айланды. Насийҳат та анасының кәсибин таңлап, бүгинлиги оның менен бир сапта денсаўлық гүзетинде мийнет етпекте. Ал, қос қанат уллары — Тахири Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетинде, Закири қурылыс факультетинде тәлим алмақта.
С.ТУРДЫБЕКОВА.
СҮЎРЕТТЕ: Б.Асанова.