МӘҲӘЛЛЕЛЕРДЕ КИШИ СЫЙЫМЛЫЛЫҚТАҒЫ МУЗЛАТҚЫШЛАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛЕДИ
Әмиўдәрья районының «Холимбег» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халық тығыз жайласқан мәҳәллелерде киши музлатқышлар қурыў ҳәм бар музлатқышлар жанында киши сыйымлылықтағы музлатқышларды шөлкемлестириў бойынша семинар болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының усы жылдың 24-сентябриндеги тапсырмасына бола шөлкемлестирилген илажда фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Илажды өткериўден мақсет — халықтың дәрамат табыўға қаратылған исбилерменлик басламаларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, халыққа аграр тармақта өз бизнесин шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў болып табылады.
— Соңғы жылларда аўыл хожалығын реформалаў ҳәм тараўға базар механизмлерин енгизиў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта, -дейди Әмиўдәрья районы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң агрономы Ж.Ражабов. — Соның менен бирге, пахта ҳәм салыдан қысқартылып атырған жер майданларында бағшылық, жүзимгершилик, палыз, дәнли ҳәм майлы егинлерди жетистириў бағдарларында экспорт ушын аўыл хожалығы егинлерин егиўди көбейтиў, сондай-ақ, халықтың кең қатламларын тартыў арқалы усы жерлерден нәтийжели пайдаланыў системасын жаратыў, тармақта қосымша өсимге ерисиў ушын илимий жақтан тийкарланып қатнас жасаўды ҳәм үйрениўлерди инабатқа алыў заман талабына айланбақта.
Бундай семинарлар республикамыздың барлық аймақларында өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.