ЭНЕРГЕТИКЛЕР ИЛАЖҒА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСПАҚТА
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-октябрь күни мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халықты ойландырып атырған мәселелерди шешиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақларды көклемзарластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде усы жылдың ақырына шекем 75 миллион түп мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў ўазыйпасы қойылды.
Усы мүнәсибет пенен жәрияланған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажына «Тақыятас ыссылық станциясы» акционерлик жәмийети жумысшылары да белсене қатнаспақта. Бүгинги күни кәрхананың ишки ҳәм сыртқы аймақларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, хызметкерлер тәрепинен 440 түп мийўе ҳәм 380 түп саяманлы терек нәли отырғызылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.