ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕР ДАЎАМ ЕТТИРИЛМЕКТЕ
Бүгинги күнде барлық шөлкемлерде, мәкеме ҳәм кәрханаларда елимизди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетиндеги кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул ийгиликли илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң хызметкерлери де белсене қатнаспақта. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында өткерилип атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы шеңберинде Нөкистеги «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында министрликтиң хызметкерлери, районлық (қалалық) мектепке шекемги билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, шөлкемлердиң директорлары ҳәр қыйлы мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды.
— Бүгин министрлигимиздиң ўәкиллери тәрепинен усы мәҳәлледе бағ жаратылып, оған 200 роза гүли, 300 түп саяманлы терек ҳәм 1 мың 600 түп мийўе нәллери егилди, -дейди Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева. — Бундай илажларды өткериўден мақсет — елимизде әмелге асырылып атырған көклемзарластырыў жумысларына жәрдемлесиў, халқымызға тән ийгиликли пазыйлетлерди көтермелеў, оларды жаслардың қәлбине сиңдириў, елимизди буннан да көркем көриниске келтириўден ибарат...
«Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы шеңберинде көклемзарластырыў илажлары республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.