ДИЙҚАН ХОЖАЛЫҚЛАРЫНЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ
Соңғы жылларда елимизде мәмлекетлик уйымлардың тиккелей орынларға, ҳәттеки ең шетки аўылларға да шығып, пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаўы жолға қойылған. Бундай илажлар тараўларда да әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң 2022-жылдың екинши ярым жыллығында физикалық ҳәм юридикалық тәреплер (исбилерменлик субъектлери) менен көшпели қабыллаў режесине муўапық, агентликтиң баслығы А.Турдышовтың қатнасыўында Бозатаў районында көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаў даўамында аймақтағы агрокластерлер, дийқан-фермер хожалықлары баслықларының, исбилерменлик субъектлери ҳәм қыйтақ жер ийелериниң мүрәжатлары тыңланды.
Атап айтқанда, мүрәжатлар өсимликлерди зыянкеслерден ҳәм кеселликлерден қорғаўда биологиялық ҳәм химиялық усыллар, экспорт-импорт өнимлерин карантин қадағалаўынан өткериў, импортёр мәмлекетлердиң фитосанитар талаплары бойынша мүрәжат етип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қабыллаўда усы ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қәнигелер тәрепинен керекли мәсләҳәтлер берилди.
Пуқаралардың мүрәжатларын, пикир-усынысларын тыңлап, машқалаларына шешим табыў жумыслары системалы түрде даўам етпекте. Себеби, инсан қәдири ҳәмме нәрседен жоқары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.