Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:40:21, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АНАЛАР БАҒЫ» ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилип атырған «Аналар жасыл мәкан ушын» акциясына республикамыздың ҳаял-қызлары да белсене қатнаспақта.

Хожели районындағы «Жаңажап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Аналар бағы» шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова, райондағы «Оқила аёллар» ҳәрекетиниң ағзалары, аўыл пуқаралар жыйынындағы нураный апалар, белсенди ҳаял-қызлар қатнасты.

Дәслеп ҳаял-қызлардың өзлери жасап атырған аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына белсене қатнасын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген мийўели ҳәм саяманлы терек, гүл нәллерин жетистириў, егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша көргизбе менен танысты. Буннан кейин бағқа ажыратылған 2 гектар майданға  ҳаял-қызлар тәрепинен түрли нәллер отырғызылды.

Усындай «Аналар бағы» Нөкис районындағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF