Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:17:45, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАНЛЫКӨЛДЕ РУЎХЫЙЛЫҚ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ОРАЙЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң  басламасы менен мәмлекетимиздиң ўәлаятлары Қарақалпақстан Республикасына бириктирилген болып, олар аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға жәрдем берип келмекте.

Соның ишинде Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Қанлыкөл районында кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде ўәлаят ҳәкими Ғ.Мирзаев басшылығындағы делегация республикамызға келди.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев күтип алды.

Быйылғы жылы ўәлаят исбилерменлери тәрепинен районда 573,9 миллиард сумлық 14 инвес­тициялық жойбар әмелге асырылып, 1900 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Кем тәмийинленген, социаллық дәптерлерге киргизилген жумыссыз пуқараларға мотокультиватор ҳәм басқа да техникалық қураллар, 10 мың түп мийўели терек нәли, баҳасы 45 миллион сумлық таўық, 50 бас қарамал тарқатылып, 100ден зыят шаңараққа ыссыхана қурып берилди. Түрли байрам мүнәсибети менен 400ден зыят кем тәмийинленген шаңараққа газ плитасы ҳәм электр печи, азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Жыл ақырына шекем районда бир неше объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

Усы күни район орайында «Сайхун ҳәм Жайхун» руўхый-ағартыўшылық орайының ашылыўы болды. Онда Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими Ғ.Мирзаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Имараттың атамасынан мәлим болып турғанындай, еки дәрья халықларымыз арасындағы әзелден қәлиплескен дослық қарым-қатнасын өзинде сәўлелендирип турған болып, жаңадан пайдаланыўға тапсырылған орай бул дослықты әмелде беккемлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, жасларымызды ана-Ўатан­ға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы әҳмийетине тоқтап өтти. Усы жердиң өзинде орайға мийманлар тәрепинен 3мың дана түрли атамадағы китап саўға етилди.

Илаж шеңберинде сыр­дәрьялы дийқанлар тәрепинен жетистирилген мийўе, овощ ҳәм палыз өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилди. Район халқы бир неше сорттағы қаўын, ғарбыз ҳәм қабақлардан дәм татып көрди. Оларға усы өнимлерден таярланған миллий тағамлар усынылды.

Күнниң екинши ярымында халықларымыз арасындағы дослықтың белгиси сыпатында шөлкемлестирилген «Дослық бағы» ҳәм «Сырдәрья — Қарақалпақстан аналар бағы»на мийўе ҳәм саяманлы терек нәллери егилди. Келешекте бул жерлер халқымыздың ийгилиги ушын хызмет ететуғын дем алыў орнына айланыўына тилеклеслик билдирилди.

Республикамыз ҳәм Сырдәрья ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге байрам кейпиятын бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF